2018-жыл 24-октбярь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекет турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын, дерлик ҳәр бир дөгеректе ҳәр күни додалаў темасы болатуғын мәселелерди көрип шықты.

Мәжилис күн тәртибине  киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының мәжилислеринде дәслепки тәризде додаланған еди.

Мәжилисте депутатлар елимиз Президентиниң 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының 20-бәнтиниң орынланыўы бойынша Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен ислеп шығылып, парламенттиң төменги палатасына киргизилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы жойбарын додалады.

Бул нызам жойбары фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери  жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң бул тараўдағы ўәкилликлерин кеңейтиў ҳәм белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетин гөзлейди.

Бирақ нызам жойбарында бир қанша таласлы нормалардың сәўлеленгенлиги себепли депутатлардың орынлы наразылықларын келтирип шығарды. Сол себепли бул нызам жойбарын буннан былай да пуқта ислеў мақсетинде гезектеги жалпы мәжилистиң күн  тәртибине киргизиў ушын қалдырыў мақсетке муўапық, деп табылды.

Әдиллик министрлиги тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да депутатлар тәрепинен қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта нызам ҳүжжетлеринде Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы пропискасы болмаған Өзбекстан пуқараларына усы аймақларда жасаў ҳәм жумысқа жайласыўға байланыслы бир қатар шеклеўлер бар. Бул шеклеўлерге әмел етпеў пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болып есапланады. Бул нызам жойбары шеклеўлерди сапластырыўға қаратылған болып пуқаралардың жумыс таңлаў, республика аймағында еркин ҳәрекет етиў бойынша конституциялық ҳуқықлары, паспорт, билим алыў ҳәм жумысқа жайласыўға байланыслы басқа да ҳуқықларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылды. Нызам жойбары депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм қабыл етилди.

Буннан кейин депутатлар «Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ушын белгиленген квотаның бийкар етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамы жойбарын додалаўға киристи.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжатында көрсетип өтилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша парламенттиң төменги палатасының бир топар депутатлары тәрепинен ислеп шығылған бул нызам жойбарының мақсети Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ушын белгиленген квотаны бийкар етиў арқалы Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына депутатлардың кандидатурасын усынатуғын субъектлер шеңберин оптималластырыў, сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм халықаралық үлгилерге бейимлестириўден ибарат.

Бирақ депутатлардың атап өткениндей, ҳәзирги күнлерде пуқараларға сайлаўға байланыслы ҳуқықларын әмелге асырыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған Сайлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылып, кеңнен додаланбақта. Сайлаў кодекси қабыл етилетуғын болса, депутатлар усынылып атырған нызам жойбары менен өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылып атырған бир неше нызам тәбийғый түрде өз күшин жойытады. Усы тийкарларға бола, депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарында нәзерде тутылған нормаларды айрықша жойбар тәризинде емес, ал сайлаў кодексинде сәўлелендириў мақсетке муўапық. Сол себепли бул нызам жойбары депутатлар тәрепинен бийкарланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары парламенттиң төменги палатасына Министрлер Кабинети тәрепинен елимиз Президентиниң 2018-жыл 2-апрельдеги «Қурылыс тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен тастыйықланған бағдарламаның  2-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде киргизилди.

Депутатлардың атап өтиўинше, бүгинги күнде қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлап атырған пуқараларға қала қурылысы тараўында жол қойған ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик мәселеси белгиленбеген. Нәтийжеде қурылыс тараўында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлардың саны кескин артып бармақта. Бул нызам жойбарының тийкарғы мақсети ҳуқықбузар пуқараларға тийисли жуўапкершиликти белгилеў, пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын күшейтиў арқалы қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўда жол қойылып атырған ҳуқықбузарлықтың алдын алыў болып есапланады. Усы мүнәсибет пенен кодекстиң 99-статья ҳәм 160-статьяларына пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын қолланыўды және күшейтиўди нәзерде тутатуғын нормаларды киргизиў усыныс етилмекте.

Бирақ мәжилисте қызғын додаланған бул нызам жойбарында бир қанша тартыслы нормалардың бар екенлиги депутатларда көплеген сораўларды пайда етти. Сол себепли, жойбар ҳәр тәреплеме пуқта ислеў мақсетинде мәжилис күн тәртибинен шығарылды.

Мәжилис даўамында «Меning fikrim» веб-порталы арқалы келип түскен «Ўақыт өтиўин кери есаплайтуғын светофорларды орнатыў мақсетке муўапықлығы ҳаққында»ғы электрон жәмийетлик мүрәжатты көрип шығыў нәтийжелери ҳаққындағы мәселе де додаланды.

«Меning fikrim» веб-порталы арқалы жолланған «Район ҳәм қалаларымыз көшелеринде ўақыт өтиўин кери есаплайтуғын светофорларды орнатыў ҳаққында»ғы электрон жәмийетлик мүрәжатта көшелеримизде орнатылған әмелдеги светофорларды ўақыт өтиўин кери есаплайтуғын индикаторлар менен үскенеленген транспорт ҳәм пиядалар светофорларына басқыш-басқыш алмастырыў ҳаққындағы усыныс билдирилген.  10 мыңнан аслам даўыс жыйналған бул мүрәжат парламент Нызамшылық палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитети тәрепинен мәжилис додалаўына киргизилип, ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм Министрлер Кабинетине район ҳәм қалалар көшелеринде бундай светофорларды басқышпа-басқыш орнатыў мәселелерин көрип шығыў усыныс етилген қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Денсаўлықты сақлаў ҳәм Қаржы министрликлерине жиберилген парламентлик сораўлардың нәтийжелери де көрип шығылды.

Қаршы қалалық туўыў комплексине ўәлаятлық туўыў комплекси статусын бериў ҳәм оны ўәлаят бюджетинен қаржыландырыў бойынша 3-март күни Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң қарары қабыл етилен. Бул қарарда Қаршы қаласында ўәлаятлық көлемдеги  туўылыўларды қабыл етиўши туўыў комплексине айландырыў нәзерде тутылған. Бирақ бул мәкеме денсаўлықты сақлаў уйымларының шөлкемлестириўшилик структурасында жоқ екенлиги, оны шөлкемлестириўдиң тийкарсыз екенлиги, оған юридикалық статус бериў мақсетке муўапық емеслиги, қаржыландырыў ўәлаят бюджетинен әмелге асырылмай атырғаны анықланған.

Бул машқаланы сапластырыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигине 2018-жыл 30-августта парламентлик сораў жиберилген еди. Өткен ўақыт даўамында министрликтен жуўап келген, бирақ онда мәселе өз шешимин таппағаны себепли жолланған жуўап депутатларды қанаатландырмады ҳәм қайта сораў жиберилди.

Нәтийжеде күни кеше алынған жуўап хатында ўәлаят ҳәкиминиң усы жылы 15-октябрьдеги «Ўәлаятта аналықты ҳәм балалықты қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгени, 2018-жыл 3-марттағы қараның болса бийкар етилгени билдирилген. Сол тийкарда Қашқадәрья ўәлаяты туўыў комплекси Қаршы қалалық туўыў комплексине айландырылып жумысы тикленген, яғный, бул мәселе нызамлы шешим тапқан.

Сондай-ақ, Қашқадәрья ўәлаятлық балалар көп тармақлы медициналық орайының дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен зәрүр дәрежеде тәмийинленбей атырғаны,  2018-жыл 1-июль жағдайына медициналық орайдың жеткерип беретуғын шөлкемлер алдындағы кредитор қарыздарлығы 263 миллион сумды қурағаны, бул болса наўқасларға тийисли медициналық хызмет көрсетиўде өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атырғаны бойынша Қаржы министрлигине жиберилген парламентлик сораўға да жуўап алынды. Оған бола, быйылғы жылдың 12-сентябрине шекемги мүддетте қарыздарлықлар қаржы уйымлары тәрепинен толық қаплап берилген. Балалар көп тармақлы медициналық мәкемеси бүгинги күнде дәри-дәрмақ пенен тәмийинленген.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети