2018-жыл 22-октябрьдеги ЎРҚ-503-санлы Нызам тийкарында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис киргизилди.

131-статья (131-статья. Транспорт қуралларын мәс ҳалда басқарыў):

 

Биринши бөлиминиң санкциясы (Басқарыўшылардың транспорт қуралларын алкогольлы ишимликтен, нәшебентлик затлар тәсиринде ямаса өзгеше формадағы мәс ҳалатта басқарыўы – транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыл алты айдан үш жылға шекемги мүддетке айырыўға себепши болады) төмендеги өзгерис бойынша атап көрсетиледи:

«транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыл алты айдан үш жылға шекемги мүддетке айырып, ең кем мийнет ҳақының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себепши болады»;

 

Екинши бөлиминиң санкциясы (Усы типтеги ҳуқықбузарлық транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықы болмаған шахс тәрепинен әмелге асырылған болса – ең кем мийнет ҳақының отыз есеси муғдарында жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады) төмендегише атап көрсетиледи:

«ең кем мийнет ҳақының қырық есеси муғдарында жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады»;

 

Үшинши бөлиминиң санкциясы (Алкогольлы ишимликтен, нәшебентлик затлар тәсиринде ямаса өзгеше формадағы мәс ҳалаттағы шахсқа транспорт қуралын басқарыўды тапсырыў – ең кем мийнет ҳақының он бес есеси муғдарында жәрийма салыўға ямаса транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан еки жылдан үш жылға шекемги мүддетке айырыўға себепши болады) төмендегише атап көрсетиледи:

«транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан еки жылдан үш жылға шекемги мүддетке айырып, ең кем мийнет ҳақының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себепши болады».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.