Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик қәўипсизлигин тәмийинлеўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды тастыйықлады. Ҳүжжет Нызамшылық палатасы тәрепинен 2018-жыл 12-сентябрьде қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2018-жыл 27-сентябрьде мақулланған.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 128(3)-статьясы (Транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин арттырыўы):

 

Үшинши бөлиминиң санкциясындағы (Транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 40 километрден арттырыўы – ең кем мийнет ҳақының жети есеси муғдарында жәрийма салыўға себепши болады) «жети» деген сөз «тоғыз» деген сөзге алмастырылды;

 

Төртинши бөлиминиң (Транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 20 километрден көп, бирақ 40 километрден көп болмаған тезликте усы типтеги ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта тезликти арттырыўы ямаса транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 20 километрден көп болмаған тезликте усы типтеги ҳуқықбузарлық ушын еки мәрте ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта арттырып жибериўи – ең кем мийнет ҳақының он есеси муғдарында жәрийма салыўға ямаса транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыллық мүддетке айырыўға себепши болады) санкциясы төмендеги өзгерис бойынша атап көрсетиледи:

«ең кем мийнет ҳақының он бес есеси муғдарында жәрийма салыўға ямаса транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыллық мүддетке айырыўға себепши болады»;

 

Бесинши бөлиминиң санкциясы (Транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 40 километрден артық тезликте усы типтеги ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайтадан тезликти арттырыўы ямаса транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 20 километрден артық, бирақ 40 километрден көп болмаған тезликте усы типтеги ҳуқықбузарлық ушын еки мәрте ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайтадан тезликти арттырыўы яки транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин саатына 20 километрден көп болмаған тезликте усындай типтеги ҳуқықбузарлық ушын үш мәрте ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тезликти қайтадан арттырыўы – транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан еки жыллық мүддетке айырыўға себепши болады) төмендегише атап көрсетиледи:

«транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан еки жыллық мүддетке айырып, ең кем мийнет ҳақының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себепши болады».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.