2018-жыл 23-октябрь күни Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминде «Материаллық жәрдем ҳәм социаллық напақалардың төлениўиниң ҳуқықый тийкарлары» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Оның тийкарғы мақсети – халықтың ҳуқықый билимин ҳәм мәдениятын арттырыў, елимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый сиясат ҳаққында хабардар етиў, тазадан қабыл етилген нызам ҳүжжетлери менен таныстырыў, олардың мазмун-мәнисин ашып бериў болып есапланады. Сондай-ақ, ҳалықтың күнделикли турмысын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың ҳуқықый тийкарлары ҳаққында сәўбетлесиў, пикир алысыў, усыныслар ислеп шығыўға қаратылған.

Дөгерек сәўбетинде Нөкис қаласының МПЖ ақсақаллары, хаткерлери, сондай-ақ материаллық жәрдем ҳәм социаллық напақа төлениўи мәселеси бойынша мүрәжат еткен пуқаралар қатнасты.

Дөгерек сәўбетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлигиниң ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси А.Отарбаев, Қаржы министрлигиниң ўәкили Э.Азимова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, материаллық жәрдем ҳәм социаллық напақалардың төлениў тәртиби, ҳуқықый тийкарлары туўралы кең түрде түсиник берип, бул бағдардағы әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берди.

– Мен, Нөкис қаласы Жийдели-байсын елатында есапта тураман. Күйеўим менен бирге жақында Дослық гүзары көшесине күйеўимниң жумысы жақын болғаны ушын квартира алып басқа шығып едик. 3 жасар балам, 10 айлық бөпем бар. Бул жерде бизлерге материаллық жәрдем, балаға қараў ушын напақа алыў мәселелери бойынша түсиниклер берилди. Биз буннан миннетдармыз,-дейди Б.Аллаярова.

Илажда қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Еслетип өтемиз; Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-май күнги 5434-санлы пәрманы менен инабатқа алынған «Улыўма инсан ҳуқықлары декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына арналған илажлар бағдарламасы»ның 20-пунктин орынлаў мақсетинде қабыл етилген қоспа график ҳәм Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Орайлық Аппаратының 2018-жыл 7-август күнги 04/354-санлы тапсырмасына муўапық әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.