Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-октябрь күни әмелий сапар менен елимизде болып турған Америка Қурама Штатлары саўда министри Уилбур Россты қабыл етти.
Мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары менен сөйлесиўлери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың май айында АҚШқа рәсмий сапары еки тәреплеме көп қырлы қатнасықларды буннан былай да жоқары дәрежеге көтерип, стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслап берди.
АҚШ саўда министриниң Өзбекстанға дәслепки сапары тәреплер ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамалар шеңберинде қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўден өз-ара мәпдар ҳәм олардың бул бағдардағы умтылыўы уқсас екенинен дәрек береди.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, өз-ара саўда көлемин арттырыў, АҚШ жетекши компанияларының тиккелей инвестицияларын, алдыңғы технологияларын ҳәм тәжирийбесин тартқан ҳалда, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, банк-финанс тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин айрықша атап өтти.
АҚШтың дүньяға белгили санаат холдинглери, финанс-инвестициялық корпорациялары ҳәм банклериниң басшылары ҳәм ўәкиллериниң қатнасыўында өткен Өзбекстанда АҚШ бизнеси ҳәптелиги илажларының көлемли нәтийжелери терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ушырасыўда саўда, санаат ҳәм жоқары технологиялар, аўыл хожалығы, логистика ҳәм транспорт тараўларында анық жойбарлар менен бағдарламаларды жүзеге шығарыўда әмелий бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан базарында Америка компанияларының жумысын кеңейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға, соның ишинде, қоспа жойбарларды қаржыландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Орайлық Азияда саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында пикир алысылды.
АҚШ саўда министри мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Соның менен бирге, Уилбур Росс АҚШ Президенти Дональд Трамптың геосиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўге байланыслы барлық мәселелерде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа жоқары исеним билдирилген сөзлерин жеткерди. Буннан тысқары, Дональд Трамп Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.
Уилбур Росс мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәм АҚШ бизнесинде үлкен қызығыўшылық оятып, оның Өзбекстанда жумыс алып барыўы ушын жаңа имканиятлар ашып атырған реформалардың пәтин ҳәм көлемин жоқары баҳалады.
Өзбекстан менен АҚШ арасында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын берккемлеў жолында барлық имканиятларды иске қосыўға таярлығы билдирилди.
ӨзА