Ташкентте 23-октябрь күни Өзбекстан -Америка бизнес-форумы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Америка – Өзбекстан саўда палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекет ҳүкиметиниң ағзалары, исбилермен топарлары, жетекши компаниялар ҳәм кәрханалардың ўәкиллери қатнасты.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Сухраб Холмуродов, Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев, АҚШ саўда министри Уилбур Росс, Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм шығып сөйледи.

Жоқары мәртебели мийманлар Америка тәрепи Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанда исбилерменликти ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў, экономиканы еркинлестириў бойынша әмелге асырылып атырған барлық ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Өзбекстан – АҚШ экономикалық бирге ислесиўи барған сайын кеңеймекте. Америка – Өзбекстан саўда палатасы еки мәмлекет компаниялары ҳәм кәрханалары арасында исбилерменлик байланысларды беккемлеў, еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў менен бул процесске өз үлесин қосып келмекте.

Бүгинги күнде Америка – Өзбекстан саўда палатасына АҚШтың дүньяға белгили 37 компаниясы, инвестиция корпорациясы ҳәм банклери ағза. Олардың қатарында«Procter & Gamble», «ExxonMobil», «John Deere», «Visa», «Medtronic» сыяқлы дүньяға белгили брендлер де бар.

Форумда Өзбекстан ҳәм АҚШ экономикалық бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективасы ҳәр тәреплеме додаланды.

Усы жылдың 9 айы даўамында Америка компанияларының жедел бирге ислесиўи нәтийжесинде мәмлекетлеримиздиң саўда айланысы 2 есеге артып, 332 миллион долларды қураған. Ҳәзирги ўақытта елимизде АҚШ компанияларының қатнасыўында 210 кәрхана жумыс алып бармақта. Жылдың басынан берли 25 жаңа кәрхана жумыс баслаған.

Өзбекстан экономикасына АҚШтан 1 миллиард доллардан аслам инвестиция ҳәм кредитлер қаратылған. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың май айында Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары шеңберинде аўыл хожалығы, энергетика, химия, қаржы, туризм, тоқымашылық санааты, денсаўлықты сақлаў ҳәм цифрлы технологиялар тараўлары бойынша жәми нырқы 4,8 миллиард долларға тең жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаңа келисимлерге қол қойылған.

Илаж даўамында мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалары, халықаралық финанс институтлары,  «CNH Industrial», «General Electric», «Coca-Сola Company», «John Deere» сыяқлы  компаниялардың жәрдеминде өз-ара саўданы қоллап-қуўатлаў, жаңа жойбарларды қаржыландырыў сыяқлы мәселелерге бағышланған жалпы мәжилислер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм АҚШтың саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды.

– Усы жылдың май айында «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм Американың «Air Products» компаниясы арасында меморандумға қол қойылған, – деди «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасы баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы Баҳром Ашрафхонов. – Өткен ўақыт даўамында жумысшы топар дүзилип, мәмлекетимизде санаат газлары ҳәм жаңа технология тийкарында метанолдан олефин ислеп шығарыў жойбарлары үйренип шығылды. Бул бизнес-форум шеңберинде «Air Products» пенен метанолдан олефин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге қол қойдық. Келисимниң нырқы 2 миллиард долларға тең болып, оған бола компания өз қәнигелерин алып келип, жойбардың нәтийжели тәреплерин көрип шығады ҳәм басланғыш техникалық тийкарларын қәлиплестиреди.

Форум шеңберинде Америка – Өзбекстан саўда палатасының мәжилиси өткерилди. Бул илаж да АҚШ саўда министриниң қатнасыўында өтти. Илажда палатаға ағза Америка компаниялары өзбекстанлы шериклер менен сөйлесиўлер алып барды.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы