«Өзэкспоорай»да Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги шөлкемлестирген «INNOWEEK» инновациялық идеялар ҳәптелиги басланды.

Онда исбилерменлер, инвесторлар, сырт ел илимий-инновациялық орайлары, инновациялық фондлар, технологиялық агентликлер, технопарклер ҳәм бизнес инкубаторлардың ўәкиллери қатнаспақта.

Халықаралық инновациялық ярмарканың ашылыў мәресиминде елимиздеги илимди раўажландырыў, инновациялық жойбарларды ҳәм технологияларды өндириске енгизиўди хошаметлеў, илимий хызметкерлердиң мийнетин қоллап-қуўатлаў, елимиздиң илимий-техникалық потенциалын буннан былай да беккемлеў мәселелерине айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны атап өтилди.

Илаждан гөзленген мақсет Өзбекстанда ҳәм раўажланған мәмлекетлерде технологиялар трансфери процесин тәмийинлеў арқалы ишки инновациялық идеялар, технологияларды ҳәм жойбарларды турмысқа енгизиўге кең шараят жаратыўдан ибарат.

Форумда экономиканың барлық тармақларында ҳәм аймақларында енгизилген инновациялар, 2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясының мазмунын халыққа жеткериў, 2030-жылы мәмлекетимиздиң глобаллық инновациялық индекси рейтинги бойынша дүньяның 50 алдыңғы мәмлекетиниң қатарына кириўи ушын зәрүр шараят жаратыў мәселелери бойынша додалаўлар болып өтти.

– Форум санаат кәрханаларын жедел жетилистириў, илимий-изертлеў мәкемелери, жеке исбилерменлер менен инвесторлар арасында кооперациялық байланысларды кеңейтиўге бағдарланған регионаллық ҳәм халықаралық байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди, – дейди «Яшнабад» инновациялық технопарки дирекциясы» МУК директоры Фарҳод Жумаев.

Инновациялық  идеялар ҳәптелиги шеңберинде социаллық, финанс-банк, аўыл хожалығы, экономиканың реал секторы, мәмлекетлик басқарыўдағы инновациялар ҳәм шәртнама тийкарында сатып алыў арқалы коммерцияластырылатуғын исленбелерди таныстырыў бойынша конференция да шөлкемлестириледи.

Илажда Өзбекстан Республикасы  Президентиниң кеңесгөйи А.Абдуваҳидов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Холмуродов шығып сөйледи.

Даврон СУННАТОВ,

ӨзАның хабаршысы