Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде бюджетке қосымша дәрамат түсириў дәреклерин анықлаў ҳәм оларды өндириў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажға республикалық жумысшы топардың ағзалары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, тийисли министрликлер, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы баслығының биринши орынбасары О.Рустамов, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары А.Мавланов шығып сөйлеп, республикамызда бюджетке қосымша дәрамат түсириў бойынша белгиленген режениң орынланыў барысы, соның менен бирге, орын алып атырған айырым кемшиликлерге тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 12-сентябрь күни болып өткен мәжилисте бюджетке қосымша дәрамат түсириў мәселеси талқыланып, бул бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Усыған муўапық, быйылғы жылы республикамызда жәми 800 миллиард сумлық қосымша дәрамат түсириў белгиленген болса, алдын ала есап-санақлар бойынша барлық дәреклерден 1 триллион сумлық түсимлер түсириў имканияты бар екенлиги атап өтилди.
Бүгинги күни бюджетке қосымша дәрамат түсириў дәреклерин анықлаў ҳәм оны өндириў бойынша штаб жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы, Бас прокуратура, Қаржы министрлиги ҳәм салық комитетлериниң биргеликтеги қоспа қарарлары тийкарында 4 бағдар бойынша қалалық ҳәм районлық жумысшы топарлар дүзилип, оларға анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Ҳақыйқатында да, бюджетке қосымша дәрамат түсириў бул экономикамыздың буннан былай да беккемлениўиниң, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң исенимли кепили болып табылады. Быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында бюджетке жәми 1 триллион 709 миллиард сумлық түсим әмелге асырылған болса, усы дәўир ишинде қарар тийкарында белгиленген бюджет прогнозына қосымша 656 миллиард сумлық түсим әмелге асырылды. Усы қосымша дәраматлардан бүгинги күнге 401 миллиард сумлық қаржы халқымыздың ийгилиги жолында сарыпланды. Атап айтқанда, 225 миллиард сум социаллық объектлерди реконструкциялаў ҳәм оларды инвентарлар менен тәмийинлеўге, соның ишинде, 9 миллиард сум медициналық әсбап-үскенелерге, 44,5 миллиард сумы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламарында белгиленген илажларды әмелге асырыўға, 20,5 миллиард сум Нөкис әскерий горнизонындағы объектлердиң реконструкциясы ушын, 12,2 миллиард сумы Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы социаллық объектлерди реконструкциялаў ҳәм оларды инвентарлар менен тәмийинлеўге, 48,8 миллиард сум халықты социаллық қорғаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға байланыслы машқалаларды шешиўге, 10,4 миллиард сум халқымыздың жәрдемге мүтәж қатламын турақ жайлар менен тәмийинлеўге жумсалады.
Усындай кең көлемдеги илажлар менен бир қатарда айырым кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы мәлим болды. Атап айтқанда, Төрткүл, Беруний, Хожели, Шымбай, районларында, Нөкис қаласында бир қатар субъектлердиң дизимнен өтпестен жумыс алып барып атырғанлығы, аыйрым объектлерде касса аппаратлары менен тәмийинленбегенлиги, Қоңырат, Төрткүл, Елликқала, Беруний, Тақыятас ҳәм Қараөзек районларында бюджет алдындағы салық қарыздарлығы жыл басына салыстырғанда өсип кеткенлиги сынға алынды.
Илаж соңында бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў, орын алып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
(М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери).