Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик қәўипсизлигин тәмийинлеўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды тастыйықлады. Нызам тийкарында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис киргизилди, деп жазады Kun.uz сайты.
Оған муўапық, буннан былай транспорт қуралын басқарыў ўақтында транспорт басқарыўшылардың телефоннан пайдаланыўы ең кем мийнет ҳақының үш есеси муғдарында жәрийма салыўға себепши болады. Алдын бул бойынша жәрийма муғдары ең кем мийнет ҳақының еки есеси муғдарында еди.
Усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта әмелге асырылса, ең кем мийнет ҳақының төрт есеси (алдын үш есеси) муғдарында жәрийма салыўға ямаса транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан алты айға шекемги мүддетке айырыўға себепши болады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.