Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм Өзбекстан менен АҚШ арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң перспективалары ҳаққында ӨзАның хабаршысына төмендегилерди айтып берди:
– Бәринен бурын, Уллы Мәртебели Мырза Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы бойынша Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы «Дослық» ордени менен сыйлықланғанымнан оғада қуўанышлы екенимди айтпақшыман. Бул сыйлық көп жыллық дослық бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыўда маған үлкен исеним ҳәм хошамет бағышлайды.
Бүгинги сөйлесиўлеримизде Өзбекстанда экономикалық, инвестициялық, сондай-ақ, нормативлик-ҳуқықый тараўларды жетилистириў бойынша алып барылып атырған әҳмийетли өзгерислер ҳаққында пикир алыстық.
Мәмлекетиңиз басшысының басламасы менен исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, Өзбекстан экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап өтиў керек, Америка – Өзбекстан саўда палатасына ағза компаниялар өзбекстанлы шериклер менен еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша қол қойылған түсинисиў меморандумлары тийкарында байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта. Бул келисимлер шеңберинде Америка компаниялары мәмлекетиңизде 10 миллиард долларлық инвестиция киргизиў нийетинде.
Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўимиз 2017-жыл сентябрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясына қатнасыўы шеңберинде Нью-Йорк қаласында өткен ушырасыўымыздан соң жаңа басқышқа шықты. Усы жылдың май айында мәмлекетиңиз басшысы Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары ўақтындағы сөйлесиўлеримиз өз-ара бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болды. Бул илажларда Өзбекстан менен перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша салмақлы ҳүжжетлерге қол қойылды.
23-октябрь күни басланатуғын Америка бизнеси ҳәптелиги илажлары өзбекстанлы шериклер менен өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа имканиятларын иске қосыўға хызмет етеди. Бул илажларда бир қатар ҳүжжетлерге қол қойыўды режелестирип отырмыз. Ол америкалы инвесторлар тәрепинен Өзбекстан экономикасына киргизилип атырған инвестициялардың көлемин буннан былай да кеңейтиўде әҳмийетли фактор болады.
ӨзАның хабаршысы
М.ЭЛМУРОДОВ
жазып алды.