Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Президент Мырза!
Қытай Халық Республикасы дүзилгениниң 69 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен жоллаған қутлықлаўыңыз ушын Сизге терең миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.
Усы жылдың басынан Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында унамлы тенденциялар даўам етип, өз-ара сиясий исеним турақлы беккемленип бармақта. «Бир мәкан, бир жол» басламасын биргеликте әмелге асырыўда жаңа табысларға ерисилди, халықларымыз арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм дослық избе-из беккемленбекте. Сиз бенен Циндао қаласында ШБШ саммити шеңбериндеги ушырасыўымызды тез-тез еслеймен, сол ушырасыўдан соң еки тәреплеме қатнасықларымызды раўажландырыў бойынша биз қабыл еткен жаңа режелер басқышпа-басқыш турмысқа енгизилмекте.
Мен Қытай – Өзбекстан байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман, арамызда қәлиплескен әмелий қатнасықларды ҳәм жеке дослықты жоқары қәдирлеймен. Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын мәмлекетлеримиздиң ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында избе-из раўажландырыўды хошаметлеў мақсетинде буннан былай да Сиз бенен жақыннан бирге ислесиўди даўам еттириўге үмит етемен.
Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, Өзбекстан халқының абаданлығы жолындағы уллы ислериңизде үлкен табыслар тилеймен.
Си ЦЗИНЬПИН,
Қытай Халық Республикасы Баслығы