Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ўазыйпаларына үлкен әҳмийет берилип атыр. Булпрофилактика, оперативизлеў, тергеў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, қорғаў, патрулпост хызметлери менен бирге өрттиң алдын алыў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде айрықша ўазыйпаларды атқарыўшы мобилизациялық отрядлар қайта шөлкемлестирилип, олардың материаллықтехникалық базасы турақлы беккемленип атырғанында көринбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Аюбов Шукурулла Ҳамроевич тараўдағы елеўли өзгерислер, исленип атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында төмендегилерди айтып берди:

– Президентимиз тәрепинен барлық тараўларда избе-из реформалар алып барыў ҳәм жәмийетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, елимизди модернизациялаў және турмыстың барлық тараўларын либералластырыў бойынша әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыў мақсетинде 2017-жыл 7-февраль күни «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-4947-санлы Президент Пәрманы қабыл етилди. Оларды әмелге асырыў шеңберинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-май күнги «Ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2292-санлы қарары усылардың қатарына киреди. Қарарда мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызмети өрт техникасы паркин ҳәм арнаўлы үскенелерди үзликсиз жаңалаў, жеке қурамға қолайлы шараятлар жаратыў, өрт өшириў инвентарьлары, кийим ҳәм аўысық бөлеклер менен тәмийинлеўге қаратылған илажлар белгилеп берилген.

Усы ҳүжжетке тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт  қәўипсизлиги бас басқармасы тәрепинен быйылғы жылы Францияда ислеп шығылған жаңа заманагөй 410 дана өрт өшириў каскалары, 385 комплект мәўсимлик кийим-кеншек ҳәм 17 дана заманагөй НЦПН-40 маркалы өрт өшириў суў насослары берилди.

Басқа дәреклердиң есабынан мебель, компьютер комплектлери, оргтехника ҳәм хожалық тутыныў техникалары сатып алынып, өрт қәўипсизлиги бөлимлерине тарқатылды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 8-август күнги Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳаққында»ғы 604-санлы қарары қабыл етилген болып, 2018-2021-жыллар даўамында оларды тийкарғы, арнаўлы ҳәм жәрдемши түрдеги өрт өшириў автомобильлери менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў нәзерде тутылған. Сол тийкарда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги Бас басқармасы тәрепинен усы жылы SamAvto» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеп шығарылған 2 жаңа түрдеги заманагөй «ISUZU» маркалы өрт өшириў автомобилиниң өрт қәўипсизлиги хызметиниң жаңадан қурылған өрт қәўипсизлиги бөлимлерине берилгени ҳәм пул өткериў жолы менен СП «HONG XIANG GROUP» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 2 заманагөй түрдеги LF5015-26 маркалы скутерлер сатып алынып, Нөкис қаласы өрт қәўипсизлиги бөлимине байрам қарсаңында тапсырылғаны Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығына мүнәсип саўға болды.

Ҳәзирги ўақытта  «ISUZU» маркалы өрт өшириў автомобили бар болып, қарар талапларына муўапық ҳәр жылы 4 усындай автомобиль менен тәмийинлеў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бир қатар ҳүжжетлерине тийкарланып Нөкис қаласы Беруний көшесинде жайласқан техникалық хызмет көрсетиў 3-әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесинде қайта қурыў жумыслары алып барылмақда. Сондай-ақ, 2018-жылда Шоманай районы Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси имаратын қайта қурыў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Нөкис қаласы Өрт қәўипсизлиги бөлиминиң жаңа имараты усы жылдың 31-август күни жеке қурамға салтанатлы түрде тапсырылды. Қанлыкөл ҳәм Тахтакөпир районлары Өрт қәўипсизлиги бөлимшелери имаратына оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетлик бюджет есабынан Нөкис қаласы 2-Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң ески имаратына ҳәм Елликқала районы Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси имаратына ири оңлаў жумыслары алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 3-март күниндеги 42-санлы «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиниң өрт өшириў деполарын қурыў ҳәм реконструкциялаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарынан 2016-жыл Хожели районы 3-Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси 4 өрт өшириў автомобильлериниң шығыўына мөлшерленген заманагөй бөлегиниң имараты қурып тапсырылды ҳәм ҳәзирги күнде бул жерде жеке қурам хызмет алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги хызметине қараслы ески эстетикалық көриниси төмен, насаз ҳалға келип қалған ҳәм оңлаўды талап ететуғын өрт өшириў автомобильлериниң кузов, двигатель ҳәм арнаўлы агрегатларына 2018-жыл реже бойынша 9 тийкарғы өрт өшириў автомобильлерине капитал оңлаў жумысларын алып барыў нәзерде тутылған болып, ҳәзирги күнде 5 автомобиль оңланды.

Бүгинги күнге келип мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиндеги өрт өшириў автомобильлериниң 65 проценти ири оңланып, жаўынгерлик есапқа қойылды.

Булардың барлығы өз гезегинде өрт жүз берген жерге тез жетип келиў ҳәм сапластырыў, материаллық байлықларды, биринши гезекте, адамларды қутқарып қалыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жазып алған:

 Мөлдир ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы