Усы жылдың 8-18-октябрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Казань қаласындағы Казань Федерал университети Л.Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық коммуникация институтында «Көп миллетли мәмлекет шараятында ана тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыў: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий форум болып өтти.

Форумға барлық түркий тиллес мәмлекетлерден илимпазлар, профессорлар, жас илим излениўшилери қатнасты. Халықаралық форумға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедраларының доцентлери А.Пирниязова ҳәм М.Бекбергеновалар қатнасып қайтты.

Форум шеңбериндеги дәслепки ушырасыў Казань Федерал университети Л.Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық коммуникация институты Татар тил билими ҳәм әдебияты кафедраларының ўәкиллери менен болып, илимпазларымыз жергиликли профессорлар менен өз ара пикир алмасты.

Сондай-ақ, институт директоры Р.Жамалетдиновтың қабыллаўында Қәнигелик арттырыў институты директоры А.Юсупова, кафедра баслығы Ф.Сайфулина ҳәм татар әдебияты кафедрасы профессоры Л.Мингазовалар менен ушырасып, Казань Федерал университети Л.Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық коммуникация институты ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында түркий тиллерин биргеликте изертлеў және кадрлар таярлаўда бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме шәртнама дүзди.

11-октябрь күни Татарстан Республикасы халық шайыры, Ғ.Туқай атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, көрнекли шайыр ҳәм жәмийетлик ғайраткер Р.Миннулин менен ушырасыў ҳәм китапларының презентациясы болып өтти. Ушырасыўда шайырдың қосықлары қарақалпақ тилинде басып шығарылған «Әмиўдәрья» журналы жерлеслеримиз тәрепинен шайырға саўға етилди. Р.Миннулин де бундай итибардан қуўанышлы екенлигин билдирди.

12-октябрь күни Р.Миннулинниң 70 жыллық юбилейине арналған «Шығыс ҳәм батыс контекстинде түркий халықларының әдебияты ҳәм көркем өнери» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияның салтанатлы ашылыўы және пленарлық мәжилисинде доцент А.Пирниязова шығып сөйледи.

Конференция шеңберинде секция мәжилислери болып, онда доцентлер А.Пирниязова «Фразеологизмлердиң көркем әдебиятта қолланылыўы» ҳәм М.Бекбергенова «Қарақалпақ-татар әдебий байланыслары. Типология мәселелери» атамасында баянат жасады ҳәм секцияларға модераторлық етти.

Усы күни Тичурин атындағы театрда өткерилген Р.Миннулинниң 70 жыллық юбилейине арналған концерт бағдарламасында қарақалпақстанлы мийманларға сөз берилип, институт доцентлери шайырғы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректорының қутлықлаўы ҳәм саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Форум шеңберинде қатнасыўшылар еки халық әдебий байланысларын беккемлеў бойынша әмелий жумысларды алып барыўға келисип алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.