22-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети оқытыўшысы Қуттымуратова Ырысты Абдирахмановнаның Азия ҳәм Африка халықлары тили ҳәм әдебияты (Қазақ тили) (филология илимлери) қәнигелик шифры бойынша «Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районындағы қазақ говоры» атамасындағы философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын диссертация қорғаўы өткерилди.

Илимий басшысы филология илимлериниң докторы, профессор Шамшетдин Абдиназимов басшылығында табыслы қорғалған илимий изертлеў жумысының мақсети, Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы аймағында жасайтуғын қазақлар тилиниң тарийхы, оның синхрон жағдайдағы фонетикалық-морфологиялық ҳәм лексикалық-семантикалық өзгешеликлерин илимий көз қарастан ҳәр тәреплеме үйрениўден ибарат.

Изертлеўдиң илимий жаңалығы соннан ибарат, биринши мәрте Қоңырат районында отырықлы турмыс кеширетуғын қазақлар тили тарийхый-этнографиялық, лингвистикалық дареклер, диалектологиялық материаллар тийкарында тийкарланған. Қоңырат қазақлары говорының қарақалпақ әдебий тили, қазақ әдебий тили, қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң басқа диалект ҳәм говорларға мүнәсибети ашып берилген. Қоңырат қазақлары тилине аймақта жасап атырған қарақалпақ, өзбек, түркмен миллети ўәкиллери тилиниң тәсири ҳәм усы тәсирдиң диалектологиялық парқларды пайда етиўи лингвистикалық көз қарастан ҳәр тәреплеме анализленген. Говордағы фонетикалық-морфологиялық, лексикалық өзгешеликлер анализленген ҳәм белгили бир системасы қәлиплестирилген. Қоңырат қазақлары говоры қазақ диалектлери системасында айрықша говор екенлиги, белгили бир орын ийелеўи илимий көз қарастан тийкарлап берилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.