Нөкис қаласының тийкарғы автомобиль жолларының бири болған Өзбекстан (бурынғы Төрткүл) гүзарының Нөкис дийқан базары алдындағы бөлегинде оңлаў жумысларының алып барылыўы мүнәсибети менен ўақытша жаўып қойылды.

– Жолдың усы бөлегинде заманагөй қапламалы асфальт жайылыўы мүнәсибети менен жолды ўақытша жаўып қойдық. 21-октябрь күни басланған оңлаў жумысларын бүгин – 22-октябрь күни толық жуўмақлаймыз, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы Жол ҳәрекетин шөлкемлестириўди қадағалаў бөлими баслығы, подполковник Рашид Машарипов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.