Барча саъй-ҳаракатларимиз замирида халқимиз манфаатлари мужассам

 Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, инвестициялық жойбарлардың орынланыў барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2-июнь күни Әндижан ўәлаятына келди.

Елимиздиң барлық аймақлар сыяқлы Әндижан ўәлаяты да избе-из раўажланбақта. Қалалар менен аўыллардың келбети өзгерип, адамлардың турмыс абаданлығы артып бармақта.

Ғәрезсизлик жылларында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басшылығында ўәлаятта үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Ири санаат кәрханалары, коммуникациялық тармақлар, социаллық объектлер, көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Әндижан қаласындағы Өзбекистан, Мустақиллиқ, Истиқлол, Бабур көшелериниң заманагөй келбети ўәлаяттың бүгинги раўажланыўының көриниси болып табылады.

Әндижанда санаат, аўыл хожалығы, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, саўда, хызмет көрсетиў, көркем өнер, спорт сыяқлы салалар избе-из раўажланбақта. Быйылғы жылдың биринши шерегинде жалпы аймақлық өнимниң көлеми 9,5 процентке өскен.

Ўәлаятта бес мыңға шамалас санаат кәрханалары жумыс алып бармақта. Асака қаласындағы «Женерал моторс Ўзбекистон» қоспа кәрханасы бул бағдарда айрықша орынға ийе. Бул завод елимизде жаңа тармақ-автомобиль қурылысы санаатына тийкар болды, оның менен байланыслы инфраструктуралар, хызмет салалары қәлиплести. Заводта өндиристи диверсификациялаў, экспорттың географиясын кеңейтиў жумыслары даўам еттирилмекте.

Ўәлаятта киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жедел раўажланбақта. Олардың қатары кеңейип, товарлардың ҳәм хызметлердиң түри артып бармақта. Мийнет пенен бәнт халықтың 84 проценттен асламы усы салада жумыс ислемекте.

Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 1-ноябрь күни Әндижан ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасыўында ўәлаяттың экономикасын буннан былай да раўажландырыўға, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли режелерди ҳәм мақсетлерди билдирген еди. Мәмлекетимиз басшысы Әндижанға сапар етиўи даўамында әне усы режелердиң, Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы, социаллық-экономикалық жойбарлар ҳәм әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятына сапар етиўин «Боғи Бобур» дем алыў бағы менен тынысыўдан баслады.

Бул дем алыў бағы Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 510 жыл толыўы мүнәсибети менен пайдаланыўға тапсырылған. Бабур халықаралық жәмийетлик фонды қарамағындағы шырайлы орай  357 гектар майданды ийелеген. Бағда Бабур Мырзаның символикалық қәбири ҳәм ҳәйкели, «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» музейи қурылған. Бабурдың өмирин ҳәм мийрасын үйрениўге бағышланған халықаралық илимий экспедиция тәрепинен алып келинген бийбаҳа қол жазбалар, китаплар ҳәм тарийхый дәреклер орын алған музей елимиздеги дыққатқа ылайықлы орайлардан бирине айланған.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен дем алыў бағын буннан былай да абаданластырыў, музейди оңлаў ҳәм жумысын кеңейтиў режелестирилген.

Бабур Мырза халқымыздың уллы перзенти. Әдебият, илим, ағартыўшылық көз қарасынан ол елеге шекем жасамақта. Бул орайды буннан былай да абаданластырыў лазым. Өзлигимизди аңлап, уллы тарийхымызды жасларға түсиндирсек, илим-ағартыўшылықты раўажландырсақ, ҳеш қашан кем болмаймыз, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз музейдиң экспонатлары менен танысты. Илимпазлар ҳәм нуранийлер менен пикирлести. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 24-майдағы «Ески қол жазба дәреклерин сақлаў, енгизиў ҳәм үгит-нәсиятлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 31-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыўға ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарлары халқымыздың әййемги тарийхын ҳәм руўхый мийрасын терең үйрениўде, мәденият орайларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев «Андижон биокимё заводи» акционерлик жәмийети тәрепинен Хожаабад районында шөлкемлестирилген бағды барып көрди.

Халқымыздың абаданлығына, елимиз базарларының молшылығына Әндижан фермерлери менен дийқанлары мүнәсип үлес қоспақта. Пахта майданлары қысқартылып, аўыл хожалығы структуралық өзгертилип атырғанының нәтийжесинде мийўе-овощь жетистириў көбеймекте, экспорттың көлеми артпақта.

Хожаабад районындағы суўғарылмайтуғын майданда шөлкемлестирилген ғоза атызлары ҳәм жүзимзарлар да усы мақсетке қаратылған. Районда 20 гектарға Калифорния ғозасы, 23 гектарға жүзим егилген. Келешекте егин майданы кеңейтилип, мийўелердиң түрлери көбейеди. Қатар араларына болгар бурышы, пыяз, картошка, лобыя, мәштиң өтимли сортлары ҳәм басқа да овощлар егиледи.

Президентимиз тоғай хожалығын раўажландырыўға байланыслы қарардың мазмун-мәнисине тоқтап өтти. Әндижанның илимий ҳәм мийнет потенциалынан пайдаланып, бул бағдарда илимий-өндирислик орайды шөлкемлестириў, өтимли өнимлерди жетистириў арқалы халқымыздың дәраматын көбейтиў зәрүрлигин атап өтти. Әндижан аўыл хожалығы институтында ҳәм тийисли колледжлерде тоғайшылық саласында жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў бойынша көрсетпелер берди.

Усы жерде Қорғонтепа районындағы «Боғи Фурқат» фермер хожалығы базасында аўыл хожалығы туқымгершилигин ҳәм нәлшиликти раўажландырыў жойбары көрсетилди. Бул жерде заманагөй биотехнология тийкарында лаборатория шөлкемлестирилип, вируссыз туқымлар ҳәм нәллер жетистириў жолға қойылады. Бундай өсимликлер кеселликлерге шыдамлы, зүрәәтли болады. Баҳасы  1 миллиард 600 миллион сум болған бул жойбардың нәтийжесинде ғоза, бадам, жүзим, помидор, картошка ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлериниң туқымлары ҳәм нәллери жетистириледи, агросанаат тармақларына ҳәм халыққа жеткерип бериледи. 38 жумыс орны жаратылады.

Адамлар атызға кирди ме, әлбетте, дәрамат тапсын. Тәкирарлап айтаман, халық бай болса, мәмлекет те бай болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Елимиздиң аўыл хожалығы потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде барлық аймақларда гидропоника усылында ыссыханалар қурыў режелестирилмекте. Ықшам ҳәм пайдалы бундай ыссыханалар жоқары сапалы палыз өнимлерин жетистириў, мыңлаған жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Президентимиз Хожаабад районындағы «Навигул» қоспа кәрханасының аймағында шөлкемлестирилетуғын мийўе-овощларды қайта ислеў, музлатыў ҳәм сатыўға қәнигелестирилген ири логистика комплексиниң жойбары менен танысты.

«Навигул» Өзбекистан – Германия қоспа кәрханасында жәҳән базары конъюнктурасының талабынан келип шығып, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, ишки базарды жыл даўамында мийўе-овощь өнимлери менен тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгин бул жерде таярланып атырған томат пастасы, кептирилген болгар бурышы, бақлажан, сондай-ақ, алма, алша, қақ ерик сыяқлы өнимлер тек ғана елимизде емес, ал шет елде де өтимли болып табылады.

«Өзвиносанаат-холдинг» компаниясы тийкарындағы «Тошкент вино комбинати» акционерлик жәмийети ҳәм Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки менен биргеликте қоспа кәрхана аймағында «Fruit industries» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестириў режелестирилген. Жаңа кәрхана мийўе-овощларды қайта ислеў, кептириў, шербет таярлаў ҳәм экспорт жумысы менен шуғылланады.  6 гектар майданда нәл жетистиретуғын ыссыхана, 255 гектар майданда тамшылатып суўғарылатуғын интенсив бағ шөлкемлестириледи, 615 гектар майданда овощ жетистириледи, 7 мың тонна мийўе-овощты сақлаўға мөлшерленген музлатқыш қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың дәслепки басқышы – мийўе-овощларды кептириў линиясының жумыс баслаўына бағышланған символикалық түймени басты. Технологиялық линияның жумыс процессин бақлады. Кептирилген өнимлердиң үлгилери менен танысты.

Жойбардың улыўма баҳасы 24 миллион доллар болып, соннан  14 миллион доллары Сыртқы экономикалық хызмет миллий банкиниң, қалғаны қәрхана қаржыларының есабынан қапланады.

Кәрхананы усы жылдың үшинши шерегинде толық иске қосыў режелестирилген. Бул жерде жылына 30 мың тонна мийўе-овощ қайта исленеди,  1 мың 250 жумыс орны жаратылады.

Асака районындағы «Обод турмуш орзуси» фермер хожалығында шөлкемлестирилетуғын мийўе-овощларды кептириў ҳәм музлатқыш шөлкемлестириў, «Ўзбекозиқавқотхолдинг» компаниясы ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте 2017-2018-жылларда әмелге асырылыўы режелестирилип атырған азық-аўқат саласын раўажландырыў бағдарламасының жойбарлары танстырылды.

Президентимиз усы жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, жаңа кәрханаларды жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинлеў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берди. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған кәрханаларға шийки затты өз ўақтында жеткерип бериў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысына «Ўзбекчармпойабзали» ассоциациясы ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте ўәлаятта 2017-2018-жылларда әмелге асырылыўы режелестирилип атырған былғары аяқ-кийим саласын раўажландырыў бағдарламасы ҳәм салаға байланыслы басқа да жойбарлар, базарлардың инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў бойынша режелестирилип атырған илажлар туўралы да мағлыўмат берилди.

Шавкат Мирзиёев усы жойбарлар менен танысып, таярланатуғын өнимлерди тек ғана ишки базарға емес, ал экспортқа да шығарыў илажларын көриў зәрүрлигин атап өтти.

Президентимиз «Ханабад» санаториясын барып көрди. Санатория аймағын абаданластырыў, қурылыс жумысларын жуўмақлап, дем алыў бағын келеси жыл Наўрыз байрамына пайдаланыўға тапсырыў бойынша көрсетпелер берди.

Ханабад қаласын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм абаданлығын арттырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2016-жыл 21-октябрдеги «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық барлық орынларда ықшам турақ жайлар қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Боз районы «Чорвадор» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылған әне, усындай үйлерди барып көрди. Акмал ҳәм Зилолахан Раҳмановлардың шаңарағында болып, жаратылған шараятлар, шаңарақтың турмысы, перзентлер тәрбиясы менен қызықсынды.

Усы мәҳәлледе майданы 2 сотыхли, үш бөлмели 10 заманагөй үй қурылған. Үйлер тәбийғый газ, таза ишимлик суўы ҳәм электр энергиясы менен тәмийинленген.

Шавкат Мирзиёев бундай турақ жайларды көбирек қурып, адамларға мүнәсип шараятлар жаратыў турақлы дыққат-итибарда болыўы кереклигин атап өтти. Жуўапкер адамларға турақ жайларды халықтың тилеги ҳәм заман талаплары тийкарында жойбарластырыў ҳәм қурыў бойынша усыныслар берди.

Президентимиз Боз районында жеңил санаат саласындағы жойбарлар менен танысты.

Әндижан ўәлаятында 20 ири жеңил санаат кәрханасы жумыс алып бармақта.

«Ўзбекенгилсаноат» акционерлик жәмийети ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте Әндижан ўәлаятында 2017-2018-жылларда 19 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Олардың нәтийжесинде тармақтың экспорт потенциалы 2,8 есеге артады, дерлик 9 мың 850 жумыс орны жаратылады.

Усы жойбарлардың 8 и Сыртқы экономикалық хызмет миллий банкиниң қаржылай жәрдеминде Әндижан қаласы, Әндижан, Пахтаабат, Шаҳрихан, Боз, Балықшы районларында әмелге асырылады. Бул жойбарлар  4,3 миллион долларлық өнимди экспорт етиў, 1 мың 325 адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди.

Хожаабад районындағы «Нил Гранит» жуўапкершилиги шекленген жәмийети «!am9» бренди астында жылына 5 миллион дана таяр кийим ислеп шығармақта. 480 адам мийнет ислеп атырған кәрхананың өнимлери Россия, Украина, Молдова, Қазақстан, Қырғызстан сыяқлы еллерге экспорт етилмекте.

Кәрханада ийирилген жип ҳәм гезлеме бояў, таяр гезлеме ислеп шығарыўды ҳәм оларға нағыс салыўды жолға қойыў режелестирилген. Буның нәтийжесинде экспорттың көлемин жылына 25 миллион долларға жеткериў, қосымша 1 мың 180 жумыс орнын жаратыў мөлшерленген.

«Олтин мато текс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Әндижан қаласында шөлкемлестирилетуғын кәрхана да саладағы перспективалы жойбарлардан бири болып табылады. Кәрханада Япония, Бельгия, Түркиядан алып келинетуғын үскенелер тийкарында таяр кийим-кеншеклер, трикотаж гезлеме, ийирилген жип ислеп шығарыў жолға қойылады.

«Водий саноат фахри» ҳәм «Сайёра фаввораси» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде де өндиристи кеңейтиўге, өнимлерди дүнья базарларына шығарыўға, халықты жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған перспективалы жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген.

Президентимиз усы жойбарлардың дөретиўшилери болған исбилерменлер менен сәўбетлести. Базар талапларынан келип шыға отырып, өним таярлаў, заманагөй технологиялардан ҳәм тенденциялардан кеңнен пайдаланыў, анық есап-санақ пенен жумыс ислеў бойынша усыныслар берди.

Президентимиз Алтынкөл районындағы «Бахт имкон ривож чорваси» көп тармақлы фермер хожалығының жумысы менен танысты.

Хожалықта 2 мың басқа жақын ҳасыл туқымлы қарамал, 300 бас нәсилли ешки бағылмақта. Алдынғы технологиялар тийкарында жумыс шөлкемлестирилген хожалықта өнимдарлық жоқары. Ҳәр бир сыйырдан күнине 25-28 литр,  ешкиден 3-3,5 литр сүт саўып алынбақта. Улыўма, хожалық тәрепинен сүтти қайта ислеў кәрханаларына бир суткада дерлик 20 тонна сүт жеткерип берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Германиядан алып келинген ҳасыл туқымлы ешкилерди бағыў процеси, елимиздиң ықлымына бийимлесиўи менен қызықсынды.

Ешки сүтиниң сапасы жоқары екени көпшиликке белгили. Ешки сүти медициналық қәсийетлерге ийе болып, асқазан кеселликлеринде, кемқанлықта, көз нуры пәсейиўиниң алдын алыўда ҳәм диатезде пайдалы болып табылады.

Ешки сүти узақ ўақыт жақсы сақланады. Бөлме температурасында үш күн, музлатқышта бир ҳәптеден көп ўақыт даўамында өз қәсийетин жоғалтпайды. Ешки сүтинде көп муғдарда калий болып, жүрек-дем алыў системасының ислеўин жақсылайды.

Фермер хожалығында қосымша жумыс орынларын жаратыў мақсетинде жаңа жойбарлар әмелиятқа енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысына көрсетилген жойбарға бола, 700 бас нәсилли ешки алып келиў арқалы жаңа тармақ жолға қойылады. Перспективасы жоқары баҳаланып атырған бул жойбарды быйылғы жылы иске қосыў мөлшерленбекте.

Шарўашылық дәраматлы сала болып табылады, соны умытпайық, деди Президентимиз. Шыпалы болған ешки сүтине тек ғана елимизде емес, ал шет елде де талап жоқары. Сонлықтан бул саланы раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў лазым.

Ўәлаяттың Улуғнар районынан фермер хожалығына 300 гектар жер ажыратылған. Бул жердиң 200 гектарына ғоза, 100 гектарына унаби егилип, тамшылатып суўғарыў технологиясы жолға қойылады.

Фермер хожалығының және бир перспективалы жойбары биогаз өндирислик тармағы болып табылады. Қытайда ислеп шығарылған заманагөй технологиялардың жәрдеминде жылына 600 мың куб метр биогаз ислеп шығарыў жойбары иске түскеннен соң,  40 жаңа жумыс орны жаратылады.

Президентимиз жойбарлар шеңберинде алып барылып атырған жумыслар бойынша тийисли усыныслар берди.

Шавкат Мирзиёев ўәлаятта аўыл хожалығы саласында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты.

Улуғнар районында шөлкемлестирилетуғын 2000 бас қарамал ҳәм 10 000 бас нәсилли ешки бағыўға мөлшерленген шарўашылық комплекси ҳәм сүтти қайта ислеў жойбарын таныстырыў болып өтти. Жойбар туўралы толық мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы халықты сапалы сүт ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенин атап өтти.

Боз районындағы «Evro Ekfin» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәҳән базарының талапларынан келип шығып, ең соңғы технологиялар тийкарында сүтти қайта ислеў ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырмақта.

Бүгинги күнде қурылыс жумыслары алып барылып атырған шарўашылық комплексинде 2 мың бас нәсилли қарамал бағыў нәзерде тутылған.  200 адамның бәнтлиги тәмийинленетуғын комплекс иске қосылғаннан соң, жылына  13 мың тонна сүт жеткерип бериледи.

Асака районындағы «Умид» жеке меншик кәрханасының қус бағыўға қәнигелескен комплексиниң жойбары да көрилди. Ҳәзирги күни кәрханада  80 мың қус бағылмақта. Жаңа жойбарға бола, 80 миллион дана мәйек ҳәм 150 тонна қус гөши жеткерип бериледи.  Комплекс иске қосылғаннан соң, 100  адам турақлы жумыс орнына ийе болады.

Алтынкөл районында үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыў бағдарында алдынғы тәжирийбе топланған. Әсиресе, «Кумакай», «Чунтак» мәкан пуқаралар жыйынларында жумыс үлгили жолға қойылған. Мәмлекетимиз басшысы коммерциялық банклер ҳәм исбилерменлер тәрепинен халық шаңарақларына лимон, унаби ҳәм ғоза нәллерин ҳәм қус жеткерип бериў бағдарламасының усы район мысалындағы таныстырыўына қатнасты. Жойбарларды буннан былай да жетилистириў, оларды белгиленген мүддетлерде иске түсириў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысының басшылығында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигинде болып өткен мәжилисте ўәлаяттың экономикасын буннан былай да раўажландырыў, инженерлик-коммуникация тармақларын жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапар етиўи даўам етпекте.

ӨзА