5-октябрь күни Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер залында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен  жаслар устазы, Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери бирлеспеси ағзасы, белгили художник  Абдулла Раджабовтың «Журтым намалары» атамасындағы көргизбеси ашылды. 

 

Оған белгили художниклер, көркем өнер изертлеўшилери, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикалық қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көргизбеден художниктиң 80 нен аслам дөретпелери орын алған. Художник А.Раджабовтың шығармаларында тийкарынан художниктиң ишки кеширмелери, сезимлери өз сәўлелениўин тапқан.

Художниктиң көргизбеге қойылған түрли жылларда жаратылған ҳәр қыйлы жанрдағы шығармаларында реңлердиң өзине тәнлиги сезилип турады.

Әсиресе, автордың пейзаж жанрындағы «Алтын гүз», «Алма бағы», «Әмиўдәрья», «Үлкемизде гүз», «Канал бойында», «Жаз», «Жийде гүллери» ҳәм басқа да картиналарында үлкемиздиң бийтәкрар бай тәбиятын көриўимизге болады.

– Устаз художниктиң шығармаларын тамашалар екенбиз, биз оның үлкемиздиң тарийхый орынларына болған үлкен қызығыўшылығын көриўимизге болады, – дейди Қарақалпақстан Республикалық қәнигелестирилген көркем өнер  мектебиниң оқыўшысы Аллаберди Аймуратов. Художниктиң «Қой қырылған қала», «Хийўа», «Қорғасын қала», «Шылпық», «Аяз қала» сыяқлы тарийхый орынлар да оның дөретпелеринде өз сәўлелениўин тапқан.

Көргизбе 20 күн даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы