Саўда дүканымыз жанында жайласқан асханаға салық хызметкерлери келип, хронометраж өткерди. Хронометраж не ол, жәрийма салыўға ҳақылы ма?

Дониёр Эркинов,

исбилермен, Ташкент қаласынан

 

Салық кодексиниң 71-сатьясына тийкарланып, хожалық жүргизиўши субъектлерде ҳақыйқатында күнделикли келип түсетуғын нақ ақша түсимин анықлаў мақсетинде хронометраж өткериледи. Мәселен, салық хызметиниң хызметкерлери саўда ямаса хызмет көрсетиў шақапшасына келип, түсим есабын жүргизиў ушын жумыс күни даўамында сол жерде болады.

Усы жыл сентябрь айының 20 күни даўамында  Ташкент қалалық мәмлекетлик салық баасқармасы тәрепинен 494 хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысында хронометраж илажлары өткерилген. Нәтийжеде жергиликли бюджетке түсимлер муғдары орташа 554 млн.сумға арттырылыўы тәмийинленген.

Сондай-ақ, хронометраж илажлары даўамында хожалық жүргизиўши субъектлерде 758 пуқара нызамсыз түрде жалланып, ислеп атырғаны анықланған. Өз гезегинде, жумысшылар санын өз есабатларында азайтып көрсеткен кәрханаларға белгиленген тәртипте талапнамалар жиберилип, рәсмий емес жалланба хызметкер сыпатында жумыс ислеп атырған пуқаралардың барлығы дизимге алынған.

Бирақ, хронометраж илажлары даўамында усы хожалық жүргизиўши субъектлерге нақ ақша түсимлерин жасырыў жағдайлары бойынша жуўапкершилик шаралары қолланылмады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-июньдеги «Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 2018-жылдың 1-октябринен баслап, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хожалық жүргизиўши субъектлер жумысында өткерилген хронометраж нәтийжелерине муўапық ақырғы есап дәўири ушын товар(жумыс, хызмет)лар реализациясынан азайтып көрсетилген түсимди ҳәм хызметкерлер санын қайта есап-санақ еткен ҳалда салықларды есаплаўды әмелге асырыў ҳаққында талапнама жибереди, азайтып көрсетиў қайтадан анықланғанда, усы ҳәрекетлер салық төлеўден бас тартыў сыпатында баҳаланады.

Ташкент қалалық мәмлекетлик салық басқармасы

Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлими

ӨзА