Усы жылдың 14-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында оннан аслам мәмлекеттен келген диджейлер қатнасыўында өткерилген «Стихия» атамасындағы электрон музыкалар фестивалынан халықтың көпшилик бөлеги наразы болды. Бул ҳаққында Турон24 агентлиги хабар бермекте.

Агентлик усы фестивальда қатнасқан жергиликли халықтың тәсирлери менен қызықты. Айрым пуқаралар усы жойбар ҳаққында унамлы пикир билдирди. Бирақ, халықтың көпшилик бөлими фестивальға сын пикирлерин билдирди.

– Арал машқаласын шешиўге халықаралық шөлкемлер итибар қаратып атырғаны қуўанышлы. Деген менен, сол ўақыттағы орталық мени ренжитти, – деди Дилноза Қабулова. – Жаңлап атырған музыкалардан ҳеш қандай мәни таўа алмадым, бул «музыка» деп айтыўға тил бармайтуғын әллеқандай шаўқымлы даўыслар. Адамлар арасында қарақшылардың белгиси түсирилген қара реңдеги қорқынышлы байрақ желбиреп турды. Дурыс, Аралды сақлаўымыз керек, бирақ өз қәдириятларымызды аяқ асты етиў арқалы емес! Этикамызды да сақлаўымыз керек. Бундай илажлар миллий дәстүрлеримизге унамсыз тәсир етпеўин қәлеймен.

Агентлик хабаршысы музыка кешесине жыйналған қатнасыўшылардың ярымынан көби спиртли ишимликлер ишип жүргенин, мәс ҳалда екенлигин билдирген.

– Илажды өткериўден мақсет, халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын Арал апатшылығына қаратыў, глобаллық экокатастрофаның ақыбетин және де терең аңлаўға бағдарлаўдан ибарат, – дейди шөлкемлестириўшилердиң бири, актёр Жавоҳир Зокиров.

Еслетип өтемиз, фестиваль «Centil Law Film», «Trend Setter», «People travel» шөлкемлериниң басламасы менен ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, БМШның Раўажланыў Бағдарламасы жәрдеминде шөлкемлестирилген еди. Фестивальда Орайлық Азия еллери менен бирге АҚШ, Израиль, Туркия, Франция, Германия, Россия ҳәм Қытайдан көплеген туристлер, музыка ықласбентлери қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги