Нөкисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламалары ҳәм жойбарларын жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеўге бағышланған бизнес форум, бос жумыс орынлары ярмаркасы ҳәм «Ташаббус-2018» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов,  Өзбекстан Республикасы  Президенти Администрациясының жуўаплы хызметкери Ш.Абдуллаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў, олардың басламалары менен жойбарларын әмелге асырыўға әмелий жәрдем бериў, сондай-ақ, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкалары, басқа да инфраструктуралардан нәтийжели пайдаланыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў және исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери республикамызға хызмет сапары даўамында өткерилген кеңейтилген  мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 2018-2019-жылларда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер көрсетиў тараўларын раўажландырыўға байланыслы улыўма баҳасы 4478,3 миллиард сум болған 303 жойбарды әмелге асырыў белгилеп алынды. Соннан усы жылдың 1-сентябрь жағдайына 210 жойбар бойынша қаржыландырыў басланған болып,  жәми 1 триллион 149 миллиард сум қаржы өзлестирилди. Атап айтқанда, жойбар басламашыларының өз қаржылары есабынан  393,9 миллиард сум, коммерциялық банклердиң кредит қаржылары есабынан 719,8 миллиард сум, шет ел инвестициялары есабынан 4 миллион 365 мың АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялар өзлестирилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-февральдағы қарарына муўапық, аймақларда дүзилген комиссиялар тәрепинен республикамыз аймағында бос турған объектлерден нәтийжели және ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде хатлаўдан өткериў, инвестициялар киргизиў, заманагөй өндиристи енгизиў, солай етип, жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Прокуратура, комитетлер, министрликлер менен ведомстволар арасында қоспа бийлик қабыл етилди. Усы бийликке тийкарланып,  республикамызда усы жылдың 15-сентябрь ҳалатына мүлкшилик формасына қарамастан бос турған, пайдаланылмай атырған жәми 2639 объект хатлаўдан өткерилди. Соннан 1366 объекттиң кадастр ҳүжжетлери анықланып, қалғанларының  ҳүжжетлери бойынша жумыс алып барылмақта.

Бул жумысларды еле де жеделлестириўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламалары ҳәм жойбарларын жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша орынларда дүзилген исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша аймақлық топар  тәрепинен өткен қысқа ўақыт ишинде айтарлықтай жумыслар алып барылғанлығын айрықша атап өтиў орынлы.

Бизнес форум шеңберинде өткерилген бос жумыс орынлары ярмаркасына 345  кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем өзлериндеги 3165 бос жумыс орны менен қатнасты. Усы күни 312 пуқара, соның ишинде жаслар жумысқа орналастырылды.

Усы күни «Ташаббус-2018» таңлаўының Нөкис қалалық басқышының жеңимпазлары да анықланды. Санаат тараўы бойынша «Ең жақсы исбилермен» номинациясында  «Нукус Еврострой» ЖШЖ (баслығы Азат Шымбергенов), хызмет көрсетиў тараўы бойынша «AYIM TOUR» ЖШЖ (баслығы Айжамал Таўыпалдиева), «Ең жақсы өнермент» номинациясында жеке исбилермен Гүмисай Раметуллаева, «Ең жақсы жас исбилермен» номинациясында «Оралбай Нөкис» шаңарақлық кәрханасы (баслығы Памир Сержанов) биринши орынларды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж барысында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Нөкис қалалық Әдиллик бөлими тәрепинен «Әдиллик мүйеши» шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшыларға шәртнамалар дүзиўде тәреплердиң миннет және ҳуқықлары, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген нызам ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң  мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша кең түрде түсиник берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.