Нөкис қаласындағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында Монголия илим ҳәм технология университети профессоры, өнермент Батсайхан Тсийен-Оидов семинар-тренинг өткерди. Бул ҳаққында Турон24 агентлиги хабар бермекте.

Илажға жергиликли өнерментлер ҳәм кийиз басыў өнерине қызығыўшы жаслар қатнасты.

Монголиялы профессор кийиз басыў өнери бойынша теориялық ҳәм әмелий көнликпелери менен бөлисти, жергиликли өнерментлер менен өз ара тәжирийбе алмасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги