Ҳажға барыў ушын пуқара турақлы жасаў орнындағы мәкан пуқаралар жыйынына арза ҳәм паспортының нусқасын усынады.

Ҳажға барыў ушын талабанлар нәўбетке қойылыўынан алдын ҳәр айдың 5-сәнесинен кешикпеген ҳалда сәўбеттен өткериледи ҳәм сайлап алынады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

 

Талабанларға төмендеги талаплар қойылады:

– материаллық ҳәм физикалық жақтан Ҳажға барыўға тайын болыўы;

– Ҳаж әмеллерин дурыс ҳәм толық атқарыўы ушын жетерли диний билимге ийе болыўы;

– алдын Ҳажға бармаған болыўы;

– ержеткен болыўы;

– руўхый дүньясы, билими ҳәм әдеп-икрамлылығы менен мәкан пуқаралар жыйынында абыройға ийе болыўы;

– шаңарағындағы орталықтың саламатлығы ҳәм перзентлериниң жақсы минез-қулқы, аймақтағы орталықты жақсылаўға өрнек бола алыўы;

– жолдан адасқанлардың социаллық ийкемлесиўине жәрдем бериўи;

– мәкан пуқаралар жыйынындағы қайырқомлық илажларында қатнасқан болыўы.

 

45 жасқа шекемги болған ҳаяллардың Ҳажға тек ғана мәҳремлери (өмирлик жолдасы, ул баласы, әжағасы, иниси ҳәм т.б.) менен бирге барыўына рухсат етиледи.

Талабанлардың дизими тийисли аймақтағы мешит ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларында жәрияланады.

Дизим бойынша нәўбети келген пуқаралар Ҳажға кетиўден кеминде бир ай алдын жазба формада почта арқалы хабардар етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.