Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
53 кг салмақта жерлеслеримиз Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақта Набира Есенбаевалар жәҳән чемпионатының финал басқышына жол алған еди.
Ақтеңге Кеўнимжаева квалификация басқышында қатнасып, дәслеп болгариялы Кремена Красимирова Петрованы, соңынан ярым шерек финалда монголиялы Энхцецег Батбаатарды, шерек финалда әзербайжанлы Татьяна Варансованы жеңип, ярым финал басқышына жол алды. Ярым финалда АҚШлы Алиша Суэ Хоук үстинен жеңиске ерисип, финал басқышына жол алды.
Финалда Ақтеңге япониялы Юми Имаи менен өз ара беллести. Беллесиў оғада қызғын руўхта өтти. Жуўмағында жерлесимизге салыстырғанда бираз көбирек тәжирийбеге ийе япониялы Юми жеңимпаз болды. Ақтеңге гүмис медалы жеңимпазына айланды.
62 кг салмақта жерлесимиз Набира Есенбаева дәслеп қазақстанлы Ирина Кузнецованы, шерек финалда белоруссиялы Кристина Сазыкинаны, ал ярым финалда италиялы Аврора Кампаньаны жеңип, финал басқышына жол алды.
Финалда Набира япониялы Атена Кодама менен жәҳән чемпионлығы ушын беллести. Финал беллесиўин табыслы баслаған еди. Бирақ, алған жарақаты себепли беллесиўди ақырына шекем жеткере алмады. Бул техникалық жеңилис деп баҳаланып, жерлесимиз гүмис медалына ийелик ететуғын болды.
Қарақалпақстанлы палўан қызлардың жаслар арасындағы жәҳән чемпионатында қолға киргизген бул нәтийжеси Өзбекстан ҳаял-қызлар спорты тарийхындағы ең жоқары жетискенлик болып табылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.