Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Қуўанышлысы, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақта Набира Есенбаевалар жәҳән чемпионатының финал басқышына шықты.
62 кг салмақта жерлесимиз Набира Есенбаева дәслеп қазақстанлы Ирина Кузнецованы, шерек финалда белоруссиялы Кристина Сазыкинаны, ал ярым финалда италиялы Аврора Кампаньаны жеңип, финал басқышына жол алды.
Қарақалпақстанлы палўан қыз Набираның финалға шекемги басып өткен беллесиўлерин тамашалаўды қәлейсиз бе? Төменде оның қатнасыўындағы беллесиўлерди тамашалаўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.