Бул ҳаққында Владимирдиң ағасы, Киев мэри Виталий Кличко хабар берген. Виталийдиң айтыўынша, Владимир сиясат пенен шуғылланбайды. Ол белгили Гарвард университетинде студентлерге лекция оқыйды. Владимир төрт жылдан берли Швейцариядағы Санкт-Галлен университетинде студентлерге сабақ берип келген, – дейди Виталий. Гарвард университетиндегилер Владимирдиң лекцияларын еситип, оны жумысқа мирәт еткен. Владимир де бул усынысты қабыл еткен.

Мағлыўмат орнында, ағалы-инили Кличколар узақ ўақыт жәҳән чемпионлығын өзлеринде сақлап келген. Бирақ, ўақыт төреши. Дәслеп Виталий профессионал бокстан кетип, өзин сиясатта сынап көрди. Нәтийже жаман емес – ҳәзирде Украина пайтахты Киев қаласының мэри сыпатында өз жумысын алып бармақта. Ал Владимир болса келешекте белгили профессорлар қатарына қосылыўы мүмкин.

 

Нурлыбек Жамалов таярлады.