АҚШ Өзбекстан пахта өнимлерин балалар мийнети арқалы жетистирилген өнимлер қатарынан шығарды. Бул хаққында АҚШ Мийнет министирлиги Халық аралық мийнет ислери бюросы таярлаған есабатта көрсетилген.
Есабатта айтылыўынша, Өзбекстан хәм Парагвайда балалар мийнети ҳәм мәжбурий мийнеттиң ҳәр қандай түрине қарсы гүрес алып барып атырылғанлығы атап өтилген.
Халық аралық мийнет шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, дүньядағы ҳәр 10 баланың бири түрли көринистеги мәжбүрий мийнетке тартылады ҳәм бул көрсеткиш 152 миллионнан асқан. Мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қыйлы түрлери есаплап қаралғанда, дүньяда 25 миллион бала мәжбүрий мийнетке тартылып атырғаны анықланған.
Нурлыбек Жамалов таярлады.