Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары ҳәм мийманлары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Орайлық Азия регионының транспорт мәселелерине бағышланған халықаралық форумда қатнасып атырған сиз, әзизлердиң бәршеңизди Өзбекстан жеринде қызғын қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Бүгинги конференцияда қатнасып атырғаны ушын мийманларымыз-халықаралық шөлкемлер, финанс структуралары, дипломатиялық миссиялардың басшыларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бәринен бурын, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының улыўма ис-ҳәрекетлери менен қысқа мүддетте регионымызда өз-ара исенимге ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған жаңа сиясий орталық қәлиплескенин атап өтиўди қәлер едим. Барлық дәрежедеги сөйлесиўлер жеделлести, әмелий, өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әҳмийетли тарийхый қәдемлер тасланды. Усы жыл 15-март күни Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы буны айқын дәлиллейди.

2018-жыл 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен Орайлық Азия бойынша арнаўлы резолюция қабыл етилгени регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап беретуғын тарийхый ўақыя болды.

Орайлық Азиядағы барлық еллердиң бирге ислесиўге шын кеўилден умтылыўы ҳәм улыўма келешек ушын жуўапкершиликти сезиниўи регионымыздың турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығының беккем кепили болып табылады.

Саўда экономикалық, энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жаңа пәтлер менен раўажланбақта. Суў-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәселелеринде өз-ара мақулланған қарарлар қабыл етиўге ерисилди. Транспорт тараўындағы түрли шеклеўлер менен тосқынлықларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Регион мәмлекетлери арасында виза ҳәм бажыхана тәртип- қағыйдалары әпиўайыластырылды, қосымша өткериў пунктлери ашылды, автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспорты қатнаўлары тикленди ҳәм бул бағдарда онлаған жаңа жөнелислер жолға қойылды.

Бирақ, турмыстың өзи бундай илажлар жетерли емеслигин көрсетпекте.

Ең ири халықаралық базарларды өз-ара байланыстырып турған Орайлық Азияның әҳмийетли геостратегиялық жайласыўын есапқа алған ҳалда, регионымыздың халықаралық транспорт жоллары системасына интеграцияласыўын жеделлестириў мақсетинде мәмлекетлеримиздиң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгинги күнде теңиз портларына тиккелей шығыў имканиятына ийе болмаған регион мәмлекетлериниң транспорт-транзит қәрежетлери сезилерли дәрежеде үлкен болып, олар экспорт етилип атырған өним баҳасының 70-80 процентине шекем жетпекте.

Бажыхана тәртип-қағыйдаларының толық емеслиги ақыбетинде жүк тасыўшылар товарларды жеткерип бериўге кететуғын ўақыттың 40 процентине шекемги бөлегин босқа жибермекте. Жәҳән банкиниң логистика тараўындағы нәтийжелилик индекси бойынша, Орайлық Азия еллери 167 мәмлекет арасында төменги орынларды ийелеп келмекте. Булардың барлығы пүткил региондағы транспорт секторының бәсекиге шыдамлылығының төменлеўине алып келмекте.

Усы мүнәсибет пенен Ташкентте өтип атырған конференция Орайлық Азияда жаңа интеграция процесслерин баслаў көзқарасынан әҳмийетли роль атқарыўы мүмкин.

Еллеримиз алдында транзит потенциалын және де раўажландырыў ҳәм миллий экономикалар қурамында транспорт тараўының үлесин арттырыў ўазыйпасы тур. Транспорт инфраструктурасына заманагөй технологияларды ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, жаңа перспективалы транспорт жолларын қәлиплестириў бул ўазыйпаны әмелий жақтан шешиўге жәрдем береди.

БМШ экспертлериниң есап-санақлары бойынша, Орайлық Азия мәмлекетлериниң кооперация байланысларын нәтийжели жолға қойыў нәтийжесинде регионның жалпы ишки өними он жылда кеминде еки есе көбейиўи мүмкин.

Соны есапқа алып, биз Ашхабад келисими тийкарында Россия-Қазақстан-Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман-Ҳиндстан субрегионаллық транспорт жолын қәлиплестириўди басладық.

Биз Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай темир жолы қурылысы тез пурсатта басланыўына үлкен үмит билдиремиз. Келешекте бул жол «Шығыс-Батыс» жойбары шеңберинде Қытайдан басланатуғын, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арқалы өтетуғын, кейин  ала жаңадан қурылған Баку-Тбилиси-Карс темир жол магистралы арқалы Қубла ҳәм Шығыс Европа, жақын Шығыс еллери ҳәм Жер Орта теңизи портларына алып шығатуғын жаңа транспорт жолының әҳмийетли буўыны болып қалады.

Регионаллық жолларды раўажландырыў ҳаққында сөз болғанда, бул процесске Аўғанстанды тартыў әҳмийетли екенин атап өтпей кете алмаймыз. Қурып питкерилген Хайратон-Мозори Шариф темир жолы ҳәм жойбарластырылып атырған Мозори Шариф-Хирот магистралы «Арқа-Қубла» жойбары шеңберинде Иран, Пакистан ҳәм Ҳиндстан темир жолларына және Чохбахор ҳәм Гвадар портларына алып шығатуғын жаңа транспорт жолын қәлиплестириў имканиятын береди.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Регионымыз мәмлекетлерин халықаралық, соның ишинде, теңиз арқалы жүк тасыў системасына интеграциялаў ҳаққында сөз етер екенбиз, ҳәзирги ўақытта бул унамлы процесске бир қатар факторлардың тосқынлық етип атырғанын атап өтиў зәрүр.

Бул, бәринен бурын Орайлық Азияда транспорт қатнаўын раўажландырыў, тосқынлықларды сапластырыў, регион мәмлекетлериниң виза, транзит ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, тариф сиясатын үйлестириў, транспорт инфраструктурасын жетилистириў, перспективалы транспорт жолларын қәлиплестириў бойынша бирден-бир көзқарас ҳәм қатнаслардың жоқ екенлиги менен байланыслы.

Усы мүнәсибет пенен төмендегилерди усыныс етемиз:

Бириншиден, Жәҳән банки, Азия ҳәм Ислам раўажланыў банклери, басқа да халықаралық институтлар экспертлериниң жәрдеминде Орайлық Азияның регионаллық транспорт жолларын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм сол тийкарда Орайлық Азия системасын турақлы раўажландырыў бойынша регионаллық бағдарламаны қабыл етиў зәрүр, деп ойлаймыз.

Екиншиден, регион еллери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми жумысында әҳмийетли роль атқаратуғынын есапқа алып, усы шөлкем шеңберинде транспортта жүк тасыў процесслерин интеграцияластырған ҳалда басқарыў системасын жаратыў зәрүр.

Үшиншиден, транспорт-логистика тараўында бар машқалаларды шешиўде муўапықластырыўшы структура болатуғын Орайлық Азия еллериниң транспорт коммуникациялары бойынша регионаллық кеңести қәлиплестириў мақсетке муўапық.

Төртиншиден, регионның туризм тартымлылығын арттырыў мақсетинде транспорт коммуникацияларын ҳәм инфраструктурасын биргеликте раўажландырыў зәрүр. Жәҳән туризм шөлкеми менен биргеликте Орайлық Азияда туризм хабларын раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў мине сол мақсетке хызмет еткен болар еди.

Әнжуманда мақулланатуғын мине усы ҳәм басқа да басламаларды әмелге асырыў Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеўде, оны экономикалық раўажланған регионға айландырыўда, ең әҳмийетли халықаралық транспорт-транзит орайларынан бири сыпатында регионымыздың дүнья транспорт хызметлери базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда шешиўши роль атқаратуғынына үмит етемен.

Бүгинги конференция нәтийжелери регионымызды халықаралық транспорт жоллары системасына интеграциялаўға байланыслы жаңа қатнасларды ҳәм тийкарғы бағдарларды ислеп шығыў, Орайлық Азияның иске қосылмаған үлкен потенциалын еллеримиз ҳәм халықларымыздың улыўмалық мәплери жолында жумсаўда пайдалы болатуғынына исенемен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти