Бурын хабар бергенимиздей, Хорезмде 14-16-сентябр күнлери «Рақс сеҳри» халықаралық фестивалы өткерилди.

Фестивальдың жабылыў мәресими 16-сентябрь күни Хийўа қаласындағы «Ийшан қала» мәмлекетлик музей-қорықханасында болып өтти.

Миллий аяқ ойын көркем өнеримизди дүньяға ен жайдырыў, елимизде туризмди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте усы фестивальда  17 сырт мәмлекеттен, сондай-ақ, елимиздиң барлық аймақларынан келген көркем аяқ ойын топарлары,  көркем өнер ғайраткерлери, илимпазлар ҳәм изертлеўшилер қатнасты.

-Мен өзбек миллий аяқ ойынларына жүдә қызығаман,-дейди фестиваль қатнасыўшысы, индонезиялы Асри Дви Хапсари. –Соның ушын да бул фестивальға мирәт еткенинде жүдә қуўандым. Әсиресе, фестивальдың ески Хийўа қаласында өткерилип атырғаны илаж қатнасыўшыларына және де өзгеше илҳам бағышлады. Шөлкемлестириўшилер аяқ-ойын байрамына жоқары дәрежеде таярлық көрген. «Ийшан қала»  ҳаққындағы пикирлерим өз алдына бир дәстан. Шын мәниде ашық аспан астындағы музей. Қаланың көшелерин гезер екенмен, өзимди ертеклер дүньясына түсип қалғандай сездим.

37.jpg

Үш күн даўам еткен фестиваль шеңберинде миллий мәдений мийрасымыз, көркем өнеримиз, миллий қәдириятларымыз бенен үрп-әдетлеримиз, соның ишинде, елимиздиң түрли аймақларына тән аяқ ойын, өнерментшилик, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнердиң ең жақсы үлгилери, соның менен бирге аспазлық бағдарындағы дәстүрлер көрсетилди.

Қатнасыўшылардың Хийўа қаласындағы мәдений мийрас объектлери бойлап саяхаты шөлкемлестирилди. Хийўа районындағы «Сайёд» мәденият халық дем алыў орнында өткерилген таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан аяқ ойын топарлары, жеке аяқ ойыншылар қатнасты. Әсиресе, жеке ҳәм массалық аяқ ойынлар ҳәм «Хорезм елиниң халық аяқ ойынлары» ҳәммеде үлкен тәсир қалдырды.

-Таңлаўда ҳәр бир аяқ ойын топары өз аймағына тән ҳәрекетлери, кийими ҳәм атқарыў техникасы менен ажыралып турды,-дейди АҚШтың Коркоран көркем өнер ҳәм дизайн мектебиниң директоры, профессор Лорел Виктория Грей. –Йошлы ырғақ, шоқ аяқ ойынлар кейпиятыңды көтерсе, классикалық ҳәм мақам бағдарындағы аяқ ойынлар пикирлеўге шақырады. Барлығы әжайып, өзине тән ҳәм бийтәкирар.

33.jpg

«Рақс сеҳри» халықаралық фестивалы шеңберинде миллий тағамлар көргизбеси ҳәм аспазлар таңлаўы да шөлкемлестирилди. Онда елимиздиң түрли ўәлаятларынан келген аспазлар сол аймаққа тән тағамларды таярлап, өз шеберлигин көрсетти.

-Мен ойпатқа тән палаў писирдим,-дейди әндижанлы аспаз Ёқубжон Мўминов. –Палаўды жеп көрген фестиваль қатнасыўшылары оған жоқары берди. Мине усындай үлкен салтанат ҳәм тойларда шүлен қазанларда палаў писириў маған заўық бағышлайды. Әсиресе, оны иштей менен жеп атырғанларды көрип, кеўилимде әжайып сезимлер пайда болады.

Миллий аспазлық мектебимиз әзелден дүньяға белгили.

-Өзбек миллий тағамлары жүдә жағып қалды,-дейди Францияның «F4anc3 қ» телеканалының хабаршысы Анаелле Биянчард. –Барлығы өзгеше, бир-бирин тәкирарламайтуғын жағымлы дәм бар. Палаўдан жеп көрдим. Бул аўқаттың түрлери жүдә көп екен. Фестивальда қатнасқанымнан қуўанышлыман. Себеби фестиваль себеп елиңиз тарийхы, миллий әдет ҳәм дәстүрлери, көркем өнер ҳәм мәденияты менен таныстым. Барлығын камерама түсирип алдым. Елиме қайтқан соң, көргенлерим ҳәм жыйнаған материалларым тийкарында зор көрсетиў таярлайман.

25.jpg

Халықаралық фестиваль шеңберинде «Аяқ ойын көркем өнеринде миллий дәстүрлердиң әҳмийети» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти. Үргенш районындағы Өзбек-Түркмен дослық үйинде шөлкемлестирилген бул конференцияда аяқ ойын көркем өнери,  оның тарийхына ҳәм әмелиятына байланыслы әмелий изленислер алып барып атырған бир қатар сырт ел ҳәм елимиз илимпазлары, изертлеўшилери өз баянатлары менен қатнасты.

-Әнжуманда «Жырлайтуғын мақам, ойынға түсетуғын мақам» деп аталған баянатым менен қатнастым,-дейди япониялы аяқ ойыншы Машуко Мазаки. -Онда 2004-жылдан берли аяқ ойынның түркий музыкалық дәстүрлери, классикалық ҳәм фольклор қосығын және каллиграфиясын терең үйрениўге қаратылған жойбары үстинде алып барып атырған илимий излениўлер ҳаққында айтып бердим. Бүгинги әнжуман маған жүдә көп халықлардың аяқ ойын көркем өнери  ҳәм оның түрлери менен танысыў имканиятын берди.

Елимиз илимпазлары миллий аяқ ойын көркем өнеримиздиң тарийхы ҳәм миллий саз әсбапларда шертилетуғын ойын мақамлары ҳаққында баянат жасады.

Конференция жумысындағы қәниге, илимпаз ҳәм изертлеўшилердиң илимий жумыслары, жойбарлары айрықша топлам ҳалында басып шығарылыўы нәзерде тутылған. Фестиваль шеңберинде сырт ел мийманлары ушын «Хан қабыллаўы» деп аталған театрластырылған сахна көриниси шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, миллий өнерментшилик буйымларының саўда-көргизбеси, «Рақс сеҳри» фото көргизбеси, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары  көргизбелериниң презентациясы, «Миллий ҳәм заманагөй липаслар» көргизбеси, «Миллий қуўыршақ ойынлары» тамашалары, материаллық емес мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп сақлаўға ҳәм тиклеўге қаратылған мәнаўий-ағартыўшылық илажлар, халық ойынлары да қатнасыўшылар тәрепинен қол шаппатлаўлар менен күтип алынды.

12 (1).jpg

Аяқ ойын байрамының жабылыў мәресиминде фестиваль шеңберинде өткерилген таңлаўлардың жеңимпазлары сыйлықланды.

«Ең көп ықласбент алғысына сазаўар болған аяқ ойын атқарыўшысы» номинациясында италиялы көркем өнер устасы Амброджио Спаранья басшылығындағы көркем өнер ғайраткерлериниң топары жеңимпаз, деп тән алынды. «Өзбек миллий қосықшылық көркем өнерин сырт елде ен жайдырыў»  номинациясы жеңимпазлығы япониялы Машуко Мазаки ҳәм АҚШлы Лоурел Виктория Грей ханымға тапсырылды. «Ең жақсы сырт ел аяқ ойын атқарыўшысы» деп индонезиялы Асри Дви Хапсари табылған болса, «Өзбек миллий аяқ ойыны бағдарындағы илимий изертлеўлери ушын» бағдарында жеңимпазлыққа ҳиндстанлы профессор Шекхар Чандер еристи. Сондай-ақ, «Ең жас аяқ ойын атқарыўшысы», «Ең көркем миллий аяқ ойын кийими»,  «Ең жақсы жеке ҳаял аяқ ойыншы», «Ең тартымлы аяқ ойын атқарыўшысы» сыяқлы номинациялар бойынша елимиздиң түрли аймақларынан келген аяқ ойын топарлары, жеке ойыншылар сыйлықланды.

Илаж жуўмағына бағышланған гала-концертке елимиздеги дипломатиялық корпус ўәкиллери ҳәм сырт ел мийманлары да қатнасты.

Фестивальдың жабылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы мәденият министри Б.Сайфуллаев, Хорезм ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Ф.Эрманов шығып сөйледи.

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзА ның хабаршысы