16-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-реслинг федерациясы тәрепинен ашық кубок өткерилди.

Бодибилдинг ҳәм мас-реслинг бойынша спортшылар күш сынасқан бул жарысқа бес спортшымыз ылайықлы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, бодибилдинг спорт түринен 60 килограмм салмақ категориясынан Махкамжан Атабеков 2-орынға, мас-реслинг бойынша 90 килограмм салмақ категориясынан Асадбек Қырықбаев 3-орынға ылайық деп табылды.

– Шәкиртлеримниң  бул спорт түрине қатнасып атырғанына бир жылдай болды, – дейди Қарақалпақстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-реслинг федерациясының баслығы Бахыт Шуакбаев. – Қолыма кубокты услаған ўақытта залдағы шынығыўларымыз көз алдыма келди. Биз үлкен мақсетлерди алға қойғанбыз. Келешекте Өзбекстанымыздың байрағын бәлентлерге көтериўге бар күш-ғайратымыз бенен ҳәрекет етемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги