Усы жыл 12-сентябрь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында Өзбекстан Көркем өнер дөретиўшилери шөлкеминиң ағзалары, әндижанлы художниклер, аға-инили Нўъмонжон ҳәм Абдуллажон Ҳолмирзаевлардың «Тал бесиктен басланған дүнья» атамасындағы көргизбеси ашылды.
Илажға республикамыздағы қыл қәлем ийелери, тараў қәнигелери, көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары қатнасты.
Көргизбеден авторлардың қыл қәлеминен дөреген 68 живописьлик ҳәм графикалық усылда исленген жумыслар орын алды.
Көргизбениң тийкарғы мақсети – ҳәзирги ўақыттағы мәмлекетимиздеги әҳмийетли мәселелердиң бири болған ишки туризмди раўажландырыў бойынша алып барылып атырған илажларға үлес қосыў және қоңсы ўәлаятлардағы художниклер менен пикир алысыўлар өткерип, тәжирийбе алмасыўдан ибарат.
Илажда усы еки художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында да кең түрде мағлыўмат берилди.
Көргизбеге қойылған художниклердиң шығармаларында тәбият көриниси, тийкарынан Мырзашөл тәбияты, аўыл турмысы кең түрде сәўлелениўин тапқан. Булар әсиресе, художниклердиң «Композиция», «Мырзашөл», «Мырзашөл қамыслары», «Мырзашөлдеги адам», «Художник шөлде», «Қыз бала», «Көринис» атлы шығармаларында айқын көзге тасланады.
Көргизбе бир ай даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).