Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 3-курс студенти Айбек Жамалов Қазақстан Республикасында өткерилген «Уллы дала ели» атамасындағы халықаралық этнофестивальға қатнасып қайтты.

Этнофестиваль усы жылдың 3-5-август күнлери Алматы ҳәм Павлодар қалаларында болып өтти. Онда туўысқан түркий тиллес 8 мәмлекеттен көркем өнер шеберлери, жас ҳәўескерлер қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларынан жерлесимиз, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Айбектиң де қатнасып, халқымыздың көркем өнери, мәдениятын дүнья халықлары арасында көрсетип қайтқанлығы да биз ушын үлкен мақтаныш есапланады.

– Этнофестивальға Қазақстан Республикасы Президентиниң атынан мирәтнама келгенлиги мени үлкен қуўанышқа бөледи, – дейди Айбек. – Фестиваль жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Туўысқан халықлар мәденияты ҳәм көркем өнери менен жақыннан таныс болып қалмастан, халқымыздың усы бағдардағы ең жақсы үлгилерин шеберлик пенен атқарыўға ҳәрекет еттим. Көплеген дослар арттырдым.

 

Айбек Жамалов этнофестивальда қарақалпақ халқының «Болмаса» ҳәм басқа да қосық және намаларын аламойнақ дуўтарда атқарып, соның менен бирге, туўысқан қазақ халқының миллий саз-намаларын домбыра саз әсбабында жоқары дәрежеде атқарып шықты.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Айбек Жамалов 2014- ҳәм 2016-жыллары Қазақстан Республикасының Алматы қаласында өткерилген «Жас ақындар сайысы» халықаралық таңлаўында 1- ҳәм 3-орын жеңимпазы болған. Сондай-ақ, 2017-жылы Алматыда өткерилген «Ақындар» халықаралық таңлаўына қатнасып, 3-орынды жеңип алған. 2017-жылы декабрь айында Нөкис қаласында жас атқарыўшылар арасында өткерилген «Қутлы болсын жаңа жыл» бақсылар айтысында 2-орынды ийелеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.