Елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында спорттың өзбек жаўынгерлик өнери түри бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қараөзек районлық ашық бириншилиги өткерилди.
Жарыс Өзбекстан жаўынгерлик өнери федерациясының Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қараөзек районлық кеңеси, сондай-ақ район ҳәкимлиги, районлық денетәрбия ҳәм спорт бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, жарысқа Хорезм ўәлаятынан ҳәм Тахтакөпир, Қараөзек районынларынан 100 ден аслам спортшылар қатнасты.
Миллий спорт түриниң жеке беллесиў бағдары бойынша өткерилген жарыста жас өспиримлер ҳәм қызлар өз-ара күш сынасып, гилемге түсти.
Жарыс жуўмағында Л.Ражабов, О.Кенжаев, И.Абдурозиков, Р.Атабаева, М.Қуранбаева, Д.Утешов, А.Маратов, Ч.Турсынбаев, А.Алиярбаев, И.Ҳәкимбаев, А.Хожаназаров, З.Уразбаева, Д.Алламбергенова, Н.Абдуллаева, М.Төремуратова, А.Сейтназарова, Х.Палуановалар жеңимпаз деп табылды.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги