Тегеран. 13-январь. («Дунё» МА). Өзбекстан елшиси Фариддин Насриев Иранның Мәдений мийрас, туризм ҳәм өнерментшилик министри Сейед Ризо Солеҳи Амири менен ушырасыў өткерди, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.

Сөйлесиў ўақтында Иран тәрепи кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары ҳәр қыйлы тараўларда раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип, Президент Масъуд Пезешкиён елимиз бенен бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтти.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Иран биргеликтеги туризм комитетин дүзиў ҳәм ЮНЕСКО шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында Иран тәрепи Өзбекстанның туризм тараўы ўәкиллерин усы жылдың 11-14-февраль күнлери Тегеранда өткерилиўи режелестирилген 18-халықаралық туризм көргизбесине мирәт етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги