Өткен әсирдиң белгили дөретиўшилери тәрепинен жаратылған картиналар ҳәм сийрек ушырасатуғын экспонатлары менен дүньяға таныс болған “Саҳрадағы Лувр” аты менен белгили И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи көпшилик көркем өнер шайдаларының дыққат орайында. Музейде ҳәр күни ҳәр қыйлы көргизбелер, руўхый-ағартыўшылық илажлар, ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлесиўлери шөлкемлестирилмекте.
Музейде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!” сүрени астында әскерий ҳәм мәденият, көркем өнер хызметкерлериниң қатнасыўында илаж өткерилди.
Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен музейдиң жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өз гезегинде әскерий хызметкерлер де шығып сөйлеп, Қураллы Күшлерде алып барылып атырған реформалар, армиямызға болған итибар, Ўатан қорғаўшыларын социаллық-ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди. Әскерий хызметтиң абырайлы ҳәм муқаддес миннет екенлиги мақтаныш пенен атап өтилди.
Дөгерек сәўбетлесиўиниң тыңлаўшылары арасында мектеп оқыўшылары да болып, олар әскер әжағаларына өзлерин қызықтырған сораўлары менен мүрәжат етип, илаж шын мәнисинде ўатансүйиўшилик руўхындағы мазмунлы сәўбетлесиўге айланды.
Соң қатнасыўшылар музей китапханасы ҳәм “Өзбекстан: саҳрадағы авангард” көргизбе жойбары менен танысты. Көргизбеде әскерий хизметкерлер ХХ әсирдиң биринши ярымында жаратылған И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң экспонатлары ҳәм коллекцияларынан ибарат 161 живопись ҳәм графика, соның менен бирге, миллий декоратив-әмелий көркем өнер шығармаларын тамашалады.
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекет университетиниң суўретлеў көркем өнер факультети студентлери тәрепинен әскерлердиң портрети сол жердиң өзинде-ақ салынып, Ўатан қорғаўшысына саўға етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги