Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы арнаўлы қарары тийкарында, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Қарақалпақстан Республикасында кең көлемли әмелий жумыслар әмелге асырылмақта.
Шоманай районындағы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 2-топар майыплығы бар Пердебай Султанмуратовтың турақ жайында да усы бағдардағы илажлар әмелге асырылып, жайының төбеси шиферлап берилди.
– Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ислер халқымызға көрсетилип атырған ғамқорлық ҳәм итибардың айқын үлгиси болып есапланады,-дейди П.Султанмуратов. – Мине, мениң жағдайымды да есапқа алып район басшыларының жәрдеми менен турақ жайымның төбеси шифрланбақта.
Бул ушын Президентимизге шаңарақ ағзаларымның атынан миннетдаршылығымды билдиремен. Илайым елимиз еле де раўажлана бергей, тынышлық болғай, себеби, тынышлық болса ҳәмме нәрсе гезеги менен бола береди екен.
Бундай әмелий жумыслар Қарақалпақстан халқының турмыс дәрежесин арттырыў, олардың машқалаларын шешиўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги