«Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районлары шегараларын өзгертиў ҳаққында»ғы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының қарары жойбары таярланбақта.
Бул ҳаққында Төменги палата баспасөз хызмети мәлим етти.
Министрлер Кабинетиниң усынысы менен ислеп шығылған бул қарарда Самарқанд районынан 170 гектар ҳәм Ақдәрья районынан 243 гектар жер майданын Самарқанд қаласының қурамына өткериў нәзерде тутылмақта.
Атап өтилиўинше, қарардың жойбары сиясий партиялар фракциялары додалаўына киргизиў ушын таярланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги