2.JPGЎатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы кеңнен белгиленип атырған усы күнлерде Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мәңги тулғасы еске алынбақта. 2017-жыл 31-август күни пайтахтымызда ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий         ғайраткер Ислам Кәримовтың уллы ҳәйкели ашылған еди. Усындай мәресим 2-сентябрь күни Самарқанд қаласында болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы илажда қатнасыў ушын Самарқандқа келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Қуран оқылды.

Самарқандтың символы болған Регистан майданы жанындағы қыябанда, Ислам Кәримов туўылып өскен шаңарақтың жанында Биринши Президентимизге ҳәйкел орнатылған. Бул жерге ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ўәлаят белсендилери, нуранийлер, жаслар жыйналды.

Мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Ислам Кәримов елимиз ғәрезсизлигиниң ҳәм жаңа мәмлекетшиликтиң тийкарын салыўшы, уллы сиясатшы, дана реформатор, тынышлықты және халқын сүйетуғын мәмлекет басшысы сыпатында халқымыздың арасында, пүткил дүньяда үлкен ҳүрметке ийе болған еди.

Биринши Президентимизге тән болған терең даналық, ўатанды сүйиўшилик, мәртлик ҳәм әдиллик, шын жүреклилик және меҳрибанлық сыяқлы жоқары мәртебели пазыйлетлер ҳәмме ушын жарқын ибрат үлгиси болып қалды.

Ислам Кәримов Өзбекистанның мәпин ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын, оның раўажланыўы ушын жанын да аямайтуғын еди.

Шавкат Мирзиёев пенен Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова Ислам Кәримовтың ҳәйкелин ашты. Уллы Елбасшымыздың ҳәйкелине гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти.

Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Ислам Кәримовтың тулғасын дөретиў бойынша халықаралық дөретиўшилик таңлаўда жеңимпаз деп табылған ҳәйкеллерди елимиз пайтахты Ташкент қаласында, Ислам Кәримов туўылып өскен Самарқанд қаласында ҳәм ол биринши басшы болып ислеген Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында орнатыў белгиленген еди.

Самарқанд қаласында ашылған ҳәйкел ел-халқымыздың Ислам Кәримовқа болған жоқары ҳүрмети менен меҳир-муҳаббатының және бир көриниси болды.

Мәресимде «Нураный» қоры Самарқанд ўәлаяты бөлиминиң баслығы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Ҳ.Нормуродов, «Зарафшон» ҳәм «Самаркандский вестник» газеталарының бас редакторы Ф.Тошев, Самарқанд қаласындағы 43-санлы қәнигелестирилген мектептиң директоры Е.Компольшик, Өзбекистан халық шайыры С.Саййид, Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң студенти, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Д.Олимова, Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова Ислам Кәримов пенен байланыслы естеликлерди ядқа алды. Уллы Елбасшымыздың ҳәр қыйлы сынақлар менен қыйыншылықларды мәртлик пенен жеңип өткенин, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың тынышлығы менен татыўлығын көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў жолында тынымсыз мийнет еткенин атап өтти.

Биринши Президентимиздиң ҳәйкели гүллерге бүркенди.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримов туўылып өскен шаңарақта болды. Қуран оқылып, елге ас тартылды.

Анвар САМАДОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары