«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Президент Администрациясының жуўапкер хызметкерлери, Нызамшылық палатасы депутатлары, министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаждың ашылыўында мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң байрам мүнәсибети менен халқымызға жоллаған қутлықлаўын Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Президенттиң қутлықлаўында бул әййям сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысымызда үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырған тарийхый бир шараятта өтип атырғаны айрықша атап өтилди.

Хақыйқатында да, улыўма халықлық референдум тийкарында Конституцияның жаңа редакцияда қабыл етилгени Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформалар артқа қайтпайтуғынының беккем ҳуқықый кепили болып хызмет етпекте.

Конституцияда Өзбекстанның бес үстини, яғный суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екени исенимли белгилеп қойылды, оның мазмуны түп тийкарынан жеилистирилип, жаңа бап ҳәм статьялар менен байытылды.

Атап айтқанда, Конституцияда мәмлекетлик қурылыстың жаңа стратегиялық мақсети- социаллық мәмлекет қурыў екени белгилеп берилди. Социаллық әдиллик ҳәм бирлик принциплери енгизилди. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың толық жаңа механизмлерин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар және де беккемленди.

Жаңаланған Конституцияда мәмлекетимизде инсан мәплери әҳмийетли екенин өзинде сәўлелендирген «инсан – жәмийет – мәмлекет» принципи беккемленди. Бул ҳәр қандай мәселеде, бәринен бурын, инсан мәпи тәмийинлениўи зәрүрлигин аңлатады.

Қалаберди, Нызамымызда инсан ҳуқықлары үстинлиги кепиллигин беретуғын статьялар үш есегн көбейтилди. Соның ишинде, онда тән алынғанындай, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети. Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституция ҳәм нызамларда беккемленген ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлейди.

– Президентимиздиң байрам қутлықлаўы ҳәр қашанғыдағыдай көтериңки кейпият бериўи менен бирге, онда билдирилген пикирлер бизди Конституция тийкарында жаңа шеклерге қарай алға барыўымызға илҳам берди, – деди байрам илажы қатнасыўшысы, Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов. – Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, биз «Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деген конституциялық принципке әмел еткен ҳалда, парламент ҳәм жергиликли Кеңеслердиң ўәкиллигин кеңейтиў, олардың жеделлигин және де арттырыў, нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў, бир сөз бенен айтқанда, оларды ҳақыйқый халық даўысына айландырыўға қаратылган реформаларымызда исенимли даўам етемиз. Мине усы пикирлер биз, сенаторлардың алдына әҳмийетли ўазыйпаларды қойды. Буннан тысқары, ҳақыйқатында да, Конституциямыз ғәрезсизлигимизди беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлераралық дослық ҳәм бирликти сақлаўда исенимли кепиллик болып келген ҳәм буннан соң да усындай болып қалады.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ушын жәми 46,5 триллион сум қаржы жумсалып, 1 миллион пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў режелестирилип атырғанына айрықша әҳмийет берген.

Бул халықтың мәплери, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылган әҳмийетли әмелий қәдемлерден бири.

Кирип киятырған 2025-жыл мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланған. Бул жаңаланған Бас нызамымызда пуқаралардың экология тараўындағы ҳуқықлары конституциялық дәрежеде белгиленип, мәмлекеттиң қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық тең салмақлылықты сақлаўға қаратылған миннетлемелериниң орынланыўына хызмет етеди.

Мине, усындай ийгиликли мақсетлер байрам илажында жаңлаған Ўатанды жырлайтуғын, еркинликти сақлаўға шақыратуғын, ҳуқық ҳәм миннетлерге әмел етиўге ҳәм тәбиятты сақлаўға ийтермелейтуғын сахна көринислери, нама ҳәм қосықларда да өз сәўлелениўин тапты.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы