Орынларда сектор басшылары тәрепинен халықтың жасаў жағдайларынан хабар алынып машқалаларын үйрениў, турмысын жақсылаў илажлары даўам етпекте.
Шоманай районы ҳәкими А.Аметов Ақжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қаңлы” аўылының турғынлары менен ушырасып, усыныслары менен мүрәжатларын тыңлады.
Олар район ҳәкимине ҳәм жуўапкер мәкеме, шөлкем басшыларына өзлерин қыйнап киятырған машқалаларын билдирди. Билдирилген мүрәжатлардың шешими район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаўға алынды.
Сәўбетлесиўден соң район ҳәкими А.Аметов жумыссызлықтың алдын алыў ушын пуқараларға киши исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў бойынша усынысларын билдирди. Ол киши бизнести раўажландырыў арқалы жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм район экономикасын раўажландырыў мүмкин екенлигин атап өтти.
Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар жеңилликлер ҳәм жәрдемлер берилетуғынын, соның ишинде, кредитлер, салық жеңилликлери бар екенлигин мәлим етти.
Район ҳәкими ҳәм сектор баслықлары Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын пуқаралардың жылытыў системасын да көзден өткерди.
Мақсет – қыс мәўсиминде халықтың ыссылық тәмийнатын қадағалаў, бар машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў жолларын излеўден ибарат. Әлбетте, көплеп-көмеклеп қыйналып атырған хожалықларға жәрдем көрсетилсе, машқалалары шешилсе аўыл турғынларының қыстан қыйналмай шығыўы ушын мүмкиншилик жаратылады.
Ҳәким ҳәм сектор баслықлары бир неше турақ жай имаратларының жылытыў системаларын көзден өткерип, жергиликли халықтың жылытыў системасына байланыслы шағымларын тыңлап, пикир-усынысларын еситти.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги