Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы  мүнәсибети менен орынларда ушырасыўлар, руўхый-ағартыўшылық илажлары болып өтпекте.

Арқа-Батыс әскерий округине қараслы әскерий бөлимлерде де ҳәр қыйлы байрам илажлары шөлкемлестирилмекте. Усындай илажлардың бири Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында шөлкемлестирилди.

Бул жерде “Сиз нызамды билесиз бе?” атамасында зийреклик ойыны өткерилип, онда әскерий бөлимниң бир топар әскерлери ҳәм Нөкис инновциялық институтының студент-жаслары қатнасты.

Маўасасыз ҳәм қызғын тартысларға бай өткен усы интеллектуаллық ойынында қатнасыўшылардың ҳәр бири барлық шәрт бойынша пуқта таярлық көргени, олардың әскерий хызметке байланыслы жаңадан қабыл етилип атырған нызам, пәрман, қарар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисинен жақсы хабардар екенлиги көринди.

Жарыс жуўмағы бойынша, зийреклиги менен көзге түскен, белсене қатнасқан жеңимпаз топарлар Нөкис әскерий бөлими сәркардалығы тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Гарнизонның мүддетли әскерий хызметкерлери ҳәм 44-санлы улыўма  билим бериў мектебиниң жоқарғы класс оқыўшы-жаслары арасында “Мениң Конституциям 32 жаста!” сүрени астында ғалаба диктант жазыў таңлаўы өткерилип, саўатлылық дәрежеси де сынақтан өтти. Орфографиялық қәтелерсиз ҳәм шырайлы жазылған диктант ийелери де әскерий округ сәркардалығының Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Әскерий бөлимлерде Бас Нызамымыз қабыл етилген күн мүнәсибети менен ҳәпте даўамында және де бир қатар илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги