9-B.jpgБуннан саррас жигирма алты жыл бурын Биринши Президентимиз, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының атақлы перзенти Ислам Кәримов Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялаған еди.

Өзбекистан халқы ғәрезсизлик жылларында ерисилген барлық үлкен табыслар менен шеклерди елимиздиң Биринши Президентиниң аты менен байланыстырады. Ислам Кәримов бүгинги ҳәм ертеңги күнниң шешиўши күши болған жасларымыздың ақыл санасын және дүнья қарасын пүткиллей өзгертип, ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты тәрбиялаўдың жаңа принципиал системасын жаратып, оны турмысқа енгизиўге тиккелей басшылық етти.

… 2017-жыл. 31-август. Биринши Президентимиз көп жыллар даўамында жумыс ислеген Ташкент қаласындағы Ақсарай резиденциясы, оған тутас көркем майдан ҳәм қыябан. Ашық аспан, муңлы музыка сеслери астында мәмлекетимиздиң байрағы желбирейди.

Бул жерге Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет ағзалары, Өзбекистан Қаҳарманлары, илим ҳәм мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жәмийетлик шөлкемлердиң, елимизде жумыс ислеп атырған шет мәмлекетлердиң елшиханалары, халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының басшылары, студент-жаслар, елимиздеги миллий мәденият орайлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ўәкиллери Ислам Кәримов ҳәйкелиниң ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасыў ушын жыйналған.

Мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти  Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова Ислам Кәримовтың ҳәйкелин ашты. Уллы Елбасшымыздың ҳәйкелине гүл қойды.

Биринши Президентимиз баслап берген кең көлемли реформалар бүгин мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың басшылығында избе-из даўам еттирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың өзиниң уллы перзентине шексиз ҳүрметиниң ҳәм садықлығының әмелий көриниси болды. Қарарда нәзерде тутылғанындай, Биринши Президентимиздиң атын мәңгилестириў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласына бир неше мәрте сапар етип, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Ислам Кәримов жерленген жерде қурылып атырған естелик комплексиниң жойбары менен танысып, оны жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 2-декабрьдеги «Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың тулғасы сүўретленген ҳәйкелди дөретиў бойынша халықаралық дөретиўшилик таңлаўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша Уллы Жолбасшымыздың ҳәйкелин дөретиў бойынша халықаралық дөретиўшилик таңлаў жәрияланған еди.

Таңлаўдың нәтийжелерине бола, мүсинши, Өзбекистан Көркем өнер академиясының академиги, Өзбекистан көркем өнер ғайраткери Илҳам Жаббаров дөреткен ҳәйкел жеңимпаз, деп табылды.

Мәресимде Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының баслығы М.Аҳмедов, Өзбекистан Илимлер академиясының академиги Ш.Каримов, Өзбекистан халық артисти Г.Мельникова, Ташкент қаласындағы «Чиланзар» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы О.Муталов, ФИФА рефериси, «Буюк хизматлари учун» ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси Р.Эрматов, Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова Ислам Әбдиғаниевич Кәримов өз халқын шексиз муҳаббат пенен сүйгенин, өмириниң соңғы демлерине шекем пүткил өмирин Өзбекистанға хызмет етиўге бағышлағанын, оның өшпес естелиги миннетдар жерлеслеримиздиң, пүткил халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалатуғынын атап өтти.

***

Ең уллы, ең әзиз әййям – Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы белгиленип атырған қутлы күнде Президентимиз Шавкат Мирзиёев Мустақиллик майданына барып, еркинлигимиздиң, айдын келешегимиздиң ҳәм жақсы нийетлеримиздиң символы болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Сол күни  Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасының, Министрлер Кабинетиниң, министрликлердиң, ведомстволар менен жәмийетшиликтиң атынан да гүллер қойылды.

 

Абу Бакир ЎРАЗОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы