Буннан бир жыл алдын түрк тилин енди үйренип баслаған ўақытларымда Түркияға барыў ҳәм бул халықтың мәденияты, әдебияты ҳәм жасаў шараяты менен жақыннан танысыў нийети пайда болған еди. Әсиресе, тарийх ҳәм мәденияттың ошағы болған Стамбул қаласын көриў баслы мақсетлеримниң бирине айланды. Қашан ҳәм қалай барыў кереклигин билмесем де, бул мақсетимнен ўаз кешпей тынымсыз ҳәрекет еттим. «Жақсы нийет ярым ырыс» дегениндей, жақында бул нийетлерим әмелге асты. 9-14-ноябрь күнлери Түркияның Анқара, Анталья ҳәм Стамбул қалаларында болып қайттым.
Өзбекстанның илим-билимлендириў, әдебият ҳәм көркем өнер сыяқлы түрли тараўларында өз искерлигин көрсетип атырған қәбилетли ҳаял-қызларды жүзеге шығарыў ҳәм олардың дөретиўшилигин халықаралық майданда таныстырыў мақсетинде Түркияның «Байгенч» баспасы ҳәм Өзбекстаннан Марғуба Хасанова тәрепинен шөлкемлестирилген «Gönül Sesleri: Özbekistan’ın bilim, edebiyat ve sanatta kiyetenekleri» ( Кеўил ҳаўазы: Өзбекстанның илим, әдебият ҳәм көркем өнердеги қәбилетлери) атлы Түркия Халықаралық Антологиясы жарық көрди ҳәм 11-12-ноябрь күнлери Түркияның Анталия-Алания қаласында бул китаптың презентациясы болып өтти. Халықаралық Конференцияға Өзбекстаннан 7 адам қурамындағы делегация қатнасты. Олар арасында кәсиплес достым Ғумшагүл Есемуратова екеўимиз делегация қурамында қатнасып қайттық. Китапта мениң де илимий темама байланыслы мақаламның жәрияланыўы мен ушын үлкен жетискенлик болды. Бул мениң сырт елге биринши сапарым еди ҳәм оның илим жолында басланыўы мен ушын жүдә мақтанышлы. Себеби, китап презентациясы шеңберинде Түркияның бир неше қалаларына, дыққатқа ылайық тарийхый орынларына, илим-билимлендириў ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымларына барып танысыў сыяқлы бирқанша әҳмийетли ушырасыўлар да шөлкемлестирилди. Бул бағдарда дәслепки обьектимиз Алания билимлендириў бөлими болды. Ол жерде бизди бөлим баслығының өзи қабылады ҳәм бизлер менен жақыннан сәўбетлесип, Түркия билимлендириў системасының өзине тәнлиги бойынша мағлыўматлар берди. Екиши объектимиз болса Алания ҳәқимияты болды. Ол жерде биз Алания ҳәкими орынбасарлары менен ушырасып сәўбетлесиў бахтына миясар болдық. Соңғы жыллар ишинде Түркия менен Өзбекстан арасында бирге ислесиўлер жақсы жолға қойылып, мәдений байланыслар беккемленип бармақта. Антологияның дүзилиўи болса, халықлар дослығының, бирге ислесиўдиң және бир айқын көриниси болғанлығы антология шөлкемлестириўшиси «Байгенч» баспасы директоры мырза Арслан Байыр тәрепинен атап өтилди. Өзгеше атмосферада өткен ушырасыўдан соң ҳәкимият тәрепинен бизлерге естелик саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, Түркияның Анкара, Алания ҳәм Стамбул қалаларына саяхатымыз өзгеше тәсирлерге толы болды. Атап айтқанда, Аланиядағы Қызылкүле (Қызылқорған)ы ҳәм Дамлаташ зыярат орны, Стамбул қаласындағы Султан Аҳмет, Айя София мешити, Галата қорғаны ҳәм Эминёню порты сыяқлы Түркияның ең белгили итибарға ылайық орынларына барып көриў имканиятына ийе болдық.
Ал, Түркияға барыўымыздың баслы себеби болған китап презентациясы үлкен конференцияға айланып кетти. Антология қатнасыўшылары Түркияда турып, өзлериниң баспадан шыққан мақалалары бойынша баянат етти. Конференцияда Түркияның белгили жазыўшы-шайырлары, илимпазлары ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасыўы, олардың да өз дөретпелеринен бизлерге оқып бериўи үлкен тәсир қалдырды. Әзелден туўысқан тиллер қатарына кириўши бул халықлар бир-бири менен аўдармашының жәрдемисиз-ақ еркин сәўбетлесе алады. Буның биз және бир мәрте гүўасы болдық. Буның айқын мысалы ретинде көпшилик мийманлардың бизлердиң шығып сөйлеўимизден соң қасымызға келип жақыннан танысып, миллий кийимлеримизге қызықсынып өз сораўларын бериўи ҳәм ана тилимиздиң уқсас тәреплери жөнинде пикирлерин билдиргенлигин атап көрсетиўимизге болады. Белгили инсанлар менен танысып сәўбетлесиўимиз бизди жаңа мақсетлерге бағдарлады. Елимизге жаңа идеялар менен қайттық. Илим–билимлендириў тараўында изленислеримизди еле де тереңлестириўимиз зәрүрлигин сезиндик ҳәм алдағы ўақытлары илим жолындағы изленислеримизди даўам еттирип, оны халықаралық майданда жәриялаў ҳәм сол арқалы елимиз тарийхын, мәдениятын ҳәм әдебиятын дүньяға танытыў сыяқлы уллы мақсетлерди алдымызға қойдық.
Улыўмаластырып айтатуғын, Түркияға сапарымыз өзгеше тәсирлерге бай болып өтти. Конференция жуўмағында барлық қатнасыўшылар Халықаралық сертификат ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Бул болса бизлерди және де руўхландырды. Өз гезегинде Антология шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Мүслима Мамбетниязова, журналист. Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты таяныш докторанты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги