Орайлық банк пуқараларға ҳеш қандай кредит бермейтуғыны ҳәм қаржы хызметлерин көрсетилмейтуғынын еслетип, жалған хабарларға исенбеў ҳәм алдаўшылардан сергек болыўға шақырды.

Соңғы күнлерде алдаўшылар өзин Орайлық банк хызметкери сыпатында таныстырып, пуқаралардың исенимине кириўге урынбақта. Интернет тармағында жалған телефон номерлери арқалы қоңыраў етиў, сондай-ақ, Телеграм мессенжеринде «Орайлық банк»тиң атынан өтирик каналлар жаратып, банк карталары ҳаққындағы мағлыўматларды қолға киргизиў жағдайлары бақланбақта. Бул арқалы карталардағы қаржылар өзлестирилмекте.

Орайлық банктиң баспасөз хызмети алдаўшылық ҳәрекетлерине итибар қаратып, бул жалған хабарлар ҳәм аккаунтлардың Орайлық банкке байланысы жоқ екенлигин атап өтти.

Орайлық банк пуқараларға төмендегилерди еслетеди:

– Орайлық банк физикалық тәреплерге кредитлер ажыратпайды ҳәм финанслық хызметлер көрсетпейди.

– Гүманлы қоңыраўларға ҳәм жалған хабарларға итибар бермең.

– Банк карталарының мағлыўматларын ҳеш қашан үшинши шахсларға айтпаң.

– Социаллық тармақлардан пайдаланыўда тек ғана верификацияланған бетлерден пайдаланың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги