Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында орнатлыған Бердақ естелигине гүл қойыў мәресими ҳәм Жазыўшылар аўқамында руўхый-ағартыўшылық байрам илажы болып өтти.

Онда жазыўшылар, шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Салтанатлы илажда жазыўшы ҳәм шайырлар, дөретиўши зыялылар мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық тараўларда болып атырған реформалар Ўатанымызды раўажландырыў, оның дүнья көлеминдеги халықаралық абырайын және де жоқарылатыўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид салтанатлы илаж қатнасыўшыларын «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қутлықлады.

Илажда өткен дәўир даўамында қарарқалпақ тилин және де байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалар, көркем китаплар баспадан шығарылып атырғаны, илимий әнжуманлар ҳәм басқа да илажлардың шөлкемлестирилип атырғаны, Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйретиўге қәнигелескен дөретиўшилик мектебиниң ашылғанын атап өтиў мүмкин. Жазыўшылар қыябанында қарақалпақ шайып ҳәм жазыўшылардың естеликлериниң орнатылыўы усылар қатарына киреди.

Илажда шығып сөйлегенлер ана тилимизди және де раўажландырыў, миллий үрп-әдетлер ҳәм қәдириятларымыздың абырайын және де арттырыў ҳәм оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Байрам бағдарламасында гөззал қосықлар илажға және де көтериңки руўх бағышлады.

Н.Усмонова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА