Ташкенттиң екинши белбеўи деп аталмыш Үлкен айланба жолынан киятырған Президент кортежи гүўилдеп келип тоқтады. Ашық ҳаўа, нур шашып турған қуяш ҳәм мәмлекетимиз басшысын күтип турған жүзлеген ўатанласларымыздың жүзлериндеги қуўаныш өзгеше руўх, өзгеше кейпият бағышлап турғандай еди жарқыраған күнге. Президентимиз машинадан түсе сала, туўрыдағы шертекке қәдем таслады. Ўатанласлар менен сәлемлесиў менен бирге бул сапары шертекке ямаса қайсы бир жаңа кәрхана, қайсы бир мәжилис минбери, мәҳәлле ямаса кластер жанына емес, туўры атызға бурылды. Қолына белди алып, терек егиўге киристи. Көрген адам белди услаўынан-ақ Президенттиң, бәринен бурын, әпиўайы инсан екени, аўылда туўылғаны, дала-атызларда өсип камалға келгенин дәрриў түсинеди. Президент ҳақыйқый бағман сыяқлы жас нәлшениң нәзик тамырына топырақ шаша баслады.

Президент терек екпекте…

– Қәнекей дүньядағы барлық мәмлекетлердиң басшылары бизиң Президентимиздей болса, ҳәўес ҳәм мақтаныш пенен әстен сыбырлады сенатор Ҳусан Эрматов. – Тилекке қарсы…

«Тилекке қарсы…» деген бир ғана сөз тек ғана сенатор Ҳусан Эрматовтың емес, ал усы демлерде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде қурылып атырған жаңа бағқа нәл егиў ушын келген барлық ўатанласларымыздың жүрегинен не-не ой ҳәм тәшўишлер өтип атырғанын аңлатып турғандай еди.

Аўа, тилекке қарсы, дүнья тынышсыз. Дүнья нәрестениң кирпиклеринде, намазшамгүл жапырақларында аманат қалқып турған шықтың тамшысындай қалтырап тур. Айырым мәмлекетлердиң басшылары тынышлықты сақлаў, адамларға меҳир көрсетиў, нәл егиў, тәбиятты қорғаў орнына қанлы урысларға сәркардалық етпекте. Мың-мыңлаған адамлардың үйлери ўайран, кеўиллери қәбирстан, көшелери гөристан болыўына себепли болмақта. Жолымнан жүрмесең, маған мойын иймесең, айтқанымды ислемесең, көзиңе көрсетип қояман дегендей Жер жүзин астын-үстин еситиўди нийет еткен «шах»лар жабайы махлуқтай  пысқырмақта, өкирмекте. Балалар жетим, аналар жесир, инсанлар ўатан гәдайы болмақта. Тәбият болса… Ҳәммесинен көп азап шекпекте ана тәбият. Ҳәр атылған оқтан, ҳәр бомбаның қорқынышлы жарылыўынан жап-жасыл бағлардың күли көкке суўырылмақта. Қашанға шекем даўам етеди бундай хорлықлар, зорлықлар, қанхорлықлар, «мен зорманба, сен бе» көринисиндеги гижиниўлер? Қашан инсап киреди бул басқыншы ғәззәплерге!  Бомбалар менен снарядларға кетип атырған миллиард-миллиард қаржыларды өз пуқараларының абаданлығына жумсаса болмайма бул көзсизлер!? Дүнья қашан аўлақ болады тынышлық қассапларынан! Ўайраншылық, қанхорлық етиў орнына терек ексе болады екен ғо!

Президент терек екпекте…

Күтилмеген ямаса көз-көз етиў ушын емес, бузғыншыларға, басқыншыларға, тәбият душпанларына қарсы қозғалаң сыпатында нәл отырғызып атыр меҳрийбан жер қушағына. ^ш жылдан асты Президент тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети басланғанына. Жойбар ҳақыйқый халық ҳәрекетине айланды. Бурынғы жыллары Жаңа Ташкент, Сергели, Чиланзар районларында болған нәл егиў мапазында мәмлекетимиз басшысының өзи бас-қас болған еди. Буннан соң аўыл ҳәм қалаларда, жол жағалары менен қыябанларда миллион түп терек ҳәм гүл нәли егилди.

Олий Мажлис палаталарының өткен ҳәптеде болып өткен үш күнлик мәжилислериниң соңында болса мәмлекетимиз басшысы 2025-жылды «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәриялады. Муқаддес үлкеде абатлық болсын, бағлар көбейсин, гүллердиң жапырағына шаң қонбасын, жаплар, дәрьялар суўы таза болсын, аўыллар, атызлар, ойлы-бәлент жерлер гүллеп-жайнасын, адамлар таза ҳаўадан тойып-тойып нәпес алсын, тойып-тойып жасасын, рәҳәтленип жасасын, деген уллы арзыў-әрманлардың уллы ийиси еди бул!

– Ҳәзирги күнде тек ғана биз емес, ал дүньядағы көплеген мәмлекетлер климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин анық сезинбекте. Ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, қазылма жанылғыларды шектен тыс пайдаланыў глобал ысыўға, тәбийғый апатшылықлардың көбейиўине алып келмекте, қоршаған орталық ҳәм халықтың саламатлығына зыян жеткермекте,-деп атап өтеди Президент Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде. – Биз бул мәселениң ақыбетлерин алдыннан көрип, бул бағдарда үлкен жумысларды алып бармақтамыз. Буннан үш жыл алдын басланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары ҳәзирги күнге келип, ҳақыйқый халық ҳәрекетине айланды. Бул бағдарлама бир қатар аймақларда, соның ишинде, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етпекте.

Президент терек екпекте…

Бектемир районындағы айланба жолының жағасында 100 гектарлық жаңа бағқа тийкар салынбақта. Бағқа еки жылда 100 мың түптен аслам терек ҳәм пута нәли отырғызылады. Оларды тәрбиялаў ҳәм суўғарыў ушын 3 жасалма бассейн ҳәм 12 қудық қурылады. Мәмлекетимизде болса тек ғана усы жылдың гүзинде 80 миллион туп терек ҳәм пута нәлин егиў режелестирилген. Улыўма, кейинги үш жылда мәмлекетимиз бойынша 646 миллион түп егиў режелестирилген. Аралбойындағы жасыл қаплама аймағы 2 миллион гектардан асты.

Буннан тысқары, Президентимиз Олий Мажлисте айтқанындай, қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға кирисилди. Пайтахтымызда Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети ашылды. Өзбекстан БМШ тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген еки әҳмийетли резолюция интакери болды. Ҳәзирги ўақытта «жасыл» энергетика экономикамыздың драйверлеринен бирине айланбақта.

Өзбекстан 2023-жылы климат өзгерислерине бейимлесиў процесин қаржыландырыў бағдарында ҒМДАда бириншилерден болып тарийхый қәдем таслады ҳәм 331 миллион долларлық «жасыл» суверен халықаралық облигацияларды Лондон фонд биржасында жайластырды.

Экологиялық машқалалардың регионаллық ҳәм трансшегаралық өзгешелигин инабатқа алған ҳалда, усы жылы Өзбекстан Президентиниң басламасы менен алға қойылған «Орайлық Азия глобал климат қәўип-қәтерлер алдындаҮ улыўма абаданлық жолында тилеклеслик» ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының резолюциясы қабыл етилди.

Онда Арал регионын тиклеўге қаратылған басламаларға айрықша итибар берилип, жасыл тоғайлар қурыў ҳәм жергиликли халықтың турмыс дәрежесин арттырыў сыяқлы кең көлемли бағдарламалар усынылды. Бул жойбарлар елимиздиң экологиялық ҳәм социаллық өзгерислерге садықлығының өзине тән белгиси болып есапланады.

Енди бул бағдарлар бойынша ҳүкимет тәрепинен айрықша бағдарламалар ислеп шығылады. Онда «жасыл» технологияларды енгизиў, суўды үнемлеў, көклемзар аймақларды кескин көбейтиў, Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, машқаласын шешиў, ең әҳмийетлиси, халықтың саламатлығын беккемлеў сыяқлы мәселелер үлкен әҳмийетке ийе, әлбетте.

Бирақ өзимиз ше? Өзимиз жүректен сезип атырмызба оны?

Бирақ биз – адамлар ана тәбиятты аз хорладықпа, таладық па, азапладық па, алдадық па? Неге әсирлер даўамында бир тамшы суўға зар болған араб шөлистанлықлары селдиң ғәзебине ушырамақта, неге арқа далаңлықлары, тоғайлары менен кентлери тасқынлардың астында көмилип қалмақта? Дүнья пайда болғаннан берли шөллеў не екенин билмеген суўлы мәнзиллер Африка шөлистанлықларындай қурғап бармақта, дәрьялар орнында шөллер, шөллердиң орнында көллер пайда болмақта? Себеби биз жети қабат жер асты менен жети қабат аспанның үстине шекем не көринсе, таладық, талап атырмыз. Ҳәтте ана жерди пилледей орап, ҳәр қыйлы бәлелерден сақлап турыўшы озон қатламына шекем аямадық-тестик: шеге урып тестик, мылтық атып тестик,-снаряд атып тестик, тесип атырмыз. Бул барыста булыт булытлығын, аспан аспанлығын, жулдыз жулдызлығын умытып қоймайма? Бундай талан-тараж етиўдиң алды алынбаса, жылаўланбаса, қыямет-қайым болмайма? Бир-биринен аянышлы атапшылықларды жердиң халқы билип тур, ақылы барлар зарламақта. «Тоқтатың!» деп қышқырмақта. Зорлықлар болса гереңдей, соқырдай үндеместен тур. Ким өзи олар? Баласы, ата-анасы, туўысқан-туўғаны, миллети ҳәм ўатанының тәғдирин ойламаса? Неге жағасынан алып, мурнын ажырыққа ысқыламай атыр дүньяға ийелик етиў нийетинде жүрген салтанатлардың султанлары? Неге?!

Өзбекстан Президенти терек екпекте…

Биринши нәлдиң тамырлары әтирапын бел менен сабалап, екинши нәлге бар меҳир төге баслады…

Бул тек жерге бир түп нәл отырғызыў, тек ғана дем алыс күниндеги жумыслардың бири емес. Бул – жети жастан жетписке шекемги барлық пуқараға шақырық. Аласатлы дүньяның көзине күл шашып атырған адамлардың қылмысына Президенттиң жуўабы.  Тәбият сатқынларының басына урылған соққы… ҳәм ҳәр бир ақылы пүтин инсанға сабақ, жасларға ибрат, жасы үлкенлерге пәтия, художниклер менен шайырларға илҳам булағы бул.

Мәмлекетимиз басшысының қәлбиндеги арзыў-әрманларды елеге шекем ҳәммемиз де түсинип жеткенимиз жоқ. Түсинип жеткенимизде ҳәр жылы бәҳәр менен гүзде еккен мың-мың түп нәлимиз әптапта қуўрап, қарда музлап қалмаған болатуғын еди. Быйыл мине, сонша миллион нәл ектик көринисиндеги жалған мағлыўматлар менен өзин де, басқаларды да алдап атырған лаўазымлы шахслар жоқ па арамызда? Соңғы 10-15 жылда егилген терек пенен путалар ҳаққындағы «есабат»лар рас болғанында еди, Өзбекстан тоғайға айланып кеткен болатуғын еди. Алдадық. Ақыбетинде не болды – халықтың маңлай тери менен табылған миллионлар сабандай суўырылды, мийнетимиз суўда ақты, қумға шөкти. Не пайда көрдик? Президент бундай унамсыз қәтелер тәкирарланбаслығы, сабақ шығарыў, кеўиллерде ана тәбиятқа шексиз меҳир менен муҳаббат оятыў ушын да өзи бас болып терек епекте.

Терек екпекте…

Биз перзентлеримизге, ақлықларымызға тәбият не екенин түсиндире алып атырмыз ба? Балаларымыз тереклерде тереклерден, гүллерди гүллерден, шешеклерди шешеклерден айыра ала ма? Көк шөплердиң аты менен жасыл шөплердиң өзгешелигин биле ме? Теректиң пайдасы менен жантақтың пайдалы екенлигин түсине ме? Оларға қарлығашлар не ушын айўанларға ин қуратуғынын айтқанбыз ба? Балаларымызға бүркитлердиң өзгешелиги ҳаққында айтқанбызба? Бир түп терек, бир түп райхан, бир қысым мята, бир тутам ысмалақ адамзатқа қаншелли пайда келтириўи ҳаққында не? Теректиң бир шақасын, шиповник ямаса долананың бир шақасын ерте сындырыў қаншелли зыянлы екенин не? Дәрья менен салмаларға бойын таслап, ҳәз етип шомылыў менен ғана емес, мыңлаған инсанлардың, гүл менен ғумшалардың, қурт-қумырсқалардың, бағ-шарбақлардың жаны, қаны екенин түсиндиргенбиз бе? Балаларымыз сезе ме, булыт не екенлиги, ай не екенлиги, ойлы-бәлент жерлер ҳәм жер менен аспан не екенин? Суў тасқынлары қаяқтан пайда болады, неге тәбийғый апатшылықлар көбейип кетип атырғаны себеплери ҳаққында олардың ойы бар ма? Жер жүзиндеги жәми жаратылыс инсан ушын, жасаў ушын – керек екенлиги, оларды таныў, билиў, көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў ушын оқыў, үйрениў зәрүр екенлигин биле ме? Өзимиз не? Билсек, неге салмалар, дәрья менен сайлардың суўының патасланыўына тамашагөй болып қарап турмыз, жолдың бойлары, мәҳәллелерде күни-түни сылдырлап ағып атырған водопровод қулағын бурап қойыў неге есимизге келмей атыр? Неге тонналап зәҳәрли газ шығарып атырған ири кәрханаларды тәртипке шақырмай атырмыз? Неге аяғымыз астындағы салмаларды жапырақ басып жатыр? Кеше еккен нәлди ешки ғайзап атырғанын көрип турып, неге қуўып салмаймыз? Перзент кимнен ибрат алсын? Қус уясында көргенин қылмайма? Қашан сабақ шығарамыз өзимиз – үлкенлер?

Қашан жуўмақ шығарамыз, қашан рас сөйлеўди үйренемиз?

Президент терек екпекте…

Нәлдиң түбине суў қуймақта. Бул нәллер өсип, азамат тереклерге, тереклер үлкен бағларға айланады еле. Бағлар қуслардың жуғырылысына толады, бүлбиллер мәс болып сайрайды. Пал ҳәррелер гүллерге қонады, самаллар сүйеди, қуяш нур төгеди. Әййемги Туран, уллы Түркстан – жаңа Өзбекстан бағларында жасы үлкенлер жамбаслап дем алады, балалар қышқырып ойнайды, Қуда қәлесе. Ҳәр нәпес, ҳәр демди бийкарға өткермей, тәбиятты анажан, деп қушағымызға басып, желкемизде арқалап, көз қарашағымызды қәстерлейтуғын заман келди. Анажанымыздың айдай жақты, қуяштай меҳирли екенин билиў ҳәм ардақлаў заманы келди.

Кешир бизди, ана тәбият,

Шашың жулып, зорладық сени.

Аҳ урсаң да бермей шәпәәт,

Арал мысал хорладық сени.

Сен шад болсаң, кеўилиң тоқ болса,

Биз де шадпыз, бизлер де тоқпыз.

Көзиң ашшы жасларға толса,

Биз де ғәрип, бизлер де жоқпыз.

Басымызды урып аяғыңа,

Ана, сеннен кеширим сораймыз.

Енди болса барлық жериңди,

Шешеклерге, гүлге ораймыз.

Көклетиўге уллы мүлкиңди,

Жолға шықты ғарры, жасымыз.

Бул қүдиретли уллы толқынды,

Баслап берди ел басшымыз.

Дала, атыз көшелериңди,

Орағаймыз бағы-бостанға.

Ҳәўес еткей бул тараўда да,

Пүткил дүнья Өзбекстанға.

Президент терек екпекте…

Абдусаид КЎЧИМОВ,
сенатор

Қарақалпақстан хабар агентлиги