«Еркин…»ге 100 жыл толыпты. Бир әсирлик өмири даўамында бул газета талай жас журналистлерге устазлық еткен шығар. Бәлким, мыңлаған жас ҳәм тетик журналистлер өз өмирин усы газета хызметине бағышлап, халқымыздың сана-сезимин өсириўге, оларды жәмийетлик турмысқа белсене үлес қосыўға тәрбиялағандур. Бүгинги күни биз олардың ҳүрметине бас ийип тәжим етемиз.

Мақала анықлығы менен қунлы. Оқыўшы көп сөзди жақтырмайды. Сонлықтан, мен газетада өзим ислеген дәўир ҳәм ислескен редакторларым ҳаққында бир-еки аўыз айтып өтпекшимен.

1982-жылы Кегейлиден келип, «Жеткиншек» газетасында ислеп атыр едим. Нөкисте үйим жоқ, районнан қатнайман. Келгениме енди ғана еки ай болған, «Совет Қарақалпақстаны», «Жас Ленинши», «Жеткиншек», «Советская Каракалпакия», «Целинник Каракалпакии» газеталары, «Әмиўдәрья» журналы, «Қарақалпақстан» баспасы – бәримиз бир дәлизден кирип шығамыз. Имараттың жоқарысына «Баспасөз үйи» деп жазып қойса да ҳәмме «Полиграф» деп атайды.

– Қаяқта ислеп атырсаң?

– «Совет Қарақалпақстаны» газетасында, – деп жуўап берсек те:

– Ҳе, полиграфта екенсең-ғо! – деп өзинше жуўмақ шығарады. Оларға түсиндирип отырыўдың пайдасы жоқ.

Бир күни «Совет Қарақалпақстаны» газетасы редакциясының тусынан өтип баратырсам, Ибрайым аға иркип:

– Жүр, ишке кирип кет, – деди.

Бардым.

– Бизге жумысқа келесең бе? – деди ол.

Мени жумысқа шақырады деген тәмем жоқ еди.

– Келейин, аға, – дедим.

– Онда былай, мен сениң редакторыңнан «Муратбайды бизге бер» деп сорамайман. Өзиң арза берип босап кел. Екинши, «Маған квартира әпер» деп өтиниш қылма!

– Мақул.

Туўра изиме қайттым да, редактордың алдына кирдим.

– Бул жер саған өткелектиң жайы ма? – деди Әбдимурат аға Атажанов. – Келгениңе жаңа еки ай болды.

Мени жибериўге қыймастай, еле мийнетим де сиңген жоқ еди. Жасыүлкенниң өкпесине үндемей шыдап бердим.

Шығып келсем редакцияда «әдебий хызметкер» деген бос орын жоқ екен. Мени «аўдармашы» деген штатқа алды. Айлығым корректор менен тең болса керек.

– Лаўазымда турған ҳеш нәрсе жоқ, – деди Ибрайым аға кеўлимди алып. – Саған балам, баслықтың атқаратуғын хызметин тапсыраман. Икметулла Айымбетов Ташкентке жоқары партия мектебине оқыўға кетип баратыр. Оның орнын саған бере алмайман, себеби, сениң редакцияда ислеген мийнет стажың жоқ. Бирақ, әдебий шығармалардың ҳәммесине өзиң қол қоясаң.

Ҳәзир Ташкентте «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасында қызықлы бет шөлкемлестирген. Ҳәмме газетаны алыўдан сол бетти излейди. Бизиң газеталарда да сондай бет шөлкемлестириў керек.

– «Шемби бети» деген бет бар еди…

– Шембиниң не қатнасы бар оған, өзге ат ойлап көр.

Бул атты бетке тутыўым, Ибрайым аға редактор болып ислеймен дегенше усы бетти жазыўшы Абат Әлиев шөлкемлестирип, онда тез-тез мениң гүрриңлерим шығып турар еди.

Ертеңине редакторға кирдим.

– «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасындағы бетке Саид Ахмад «Дам олиш бекати» деп ат қойған екен, биз соны қарақалпақшалап «Дем алыс бәндиргиси» деп қойсақ қалай болады?

– Бәндирги – бул адамлардың ат үсти тоқтап кететуғын жери. Бәндиргиң маған унамай тур.

Буннан кейин мен өзимше ойлап жүрген бир-еки қарақалпақша атларды усындым. Унамады.

– Жақсырақ ойланып көр, – деп қайтарды.

Және бир-еки ат ойлап таптым, бирақ, дәрҳал оны айтып барыўға тартындым.

Кейин өзи шақырды.

– Мениңше «Дем алыс бәндиргиси»н «Дем алыс бети» деп атағаның мақул шығар, – деди ҳәм дәслепки санын таярлаўға тапсырма берди.

Умытпасам, сол жылы июнь айының дәслепки санларының биринде «Дем алыс бети» жарқ етип шықты. Бизлер Шымбай районында пахтада жүр едик. Изимизден газета барды .Адамлар ғаўаша отағанды қойып, қолма-қол газета оқыўға қарады.

– Жаңа адам оқыйтуғын газет болыпты.

– Бурын төртинши бетте сырт ел хабарлары менен кеўил айтыўдан басқа ҳеш нәрсе көрмейтуғын едик.

Сол-сол екен, ҳәр ҳәпте «Дем алыс бети» шығып турды. Ибрайым ағаның маған сондай исеними артты, «сен оқыдың ба?» деп сорайды. «Аўа, қол қойдым-ғо» деймен мен.

–  Болды онда, мен оқымайман, – деп қол қойып береди.

Газетаның нәўбетшилиги айына бир мәрте келеди. Нәўбетшилик жүдә аўыр. Полиграфтың бояўынан көзиңниң алмасы қақсап кетеди. Таңға дейин кеминде үш мәрте оқып шығасаң.

«Дем алыс бетлери» кететуғын күни Ибрайым аға тағы:

– Бүгинги газетке өзиң нәўбетши бол, – деп тапсырып кетеди.

«Яқ» деп айтып болмайды.

– Мен айтсам жағаласып шығар едиң-ә! – дейди жуўаплы хаткер Елмурат Байназаров.

Енди… Елмурат – Елмурат, Ибрайым аға – Ибрайым аға-дә! Буны, әлбетте, жүзине айта алмаймыз.

Ибрайым аға жүдә кеңпейил, сабырлы, арқайын адам еди. Азанда саат 11 лерге жумысқа келеди. Оның:

Қосықты жаўлап аларсаң,

Егер уйқыны жеңсең, – деген қосығының мәнисин сонда түсиндим. Ол түни менен қосық жазып, таң алдында уйқыға қулайды екен.

Бирақ, оның жоғын билдирмейтуғын газеттиң қазанында қайнап пискен, туўды-питти газетши Кеңесбай Ережепов деген орынбасары бар еди. «Шегарадан жаў шымшық өткермейди» дегендей, оның нәзеринен урланыңқырап шырпыдай мақала өткере алмайсаң. Сондай сақ, сондай жуўапкер. Сол жасыүлкен бизди журналистиканың қазанында «писирип» шығарды.

Ибрайым аға Кеңесбай Ережепов себепли «арқасын тамға сүйегендей» арқайын еди. Себеби, газетаның қайсы бетинде қандай мақала кетиў керек, ядқа билер, Ибрайым аға да оның макетинен мин таба алмас еди.

1983-жылы гүзде, умытпасам октябрь айларында болса керек, телевидениеде орынбасар болып ислеп атырған Шарап Уснатдинов театрға директор болып тайынланып, Қарақалпақстан обкомы орнына Кеңесбай Ережеповты қойды.

Телевидение менен газетаның парқы аспан менен жердей. Кеңесбай аға қатты қыйналды. Оның үстине, көрсетиў таярлайтуғын редакторлар жетиспейди. Алдынлары «Телевидениеге редактор керек» деген рекламаларды көп оқығанбыз.

Кеңесбай аға мени жумысқа шақырды.

– Аға, мен ол тараўда ислеп көргеним жоқ, – дедим.

– Көрмесең де ислеп кете аласаң. Саған исенемен. Бөлим баслық етип қояман.

Мен:

– Ойланып көрейин, – дедим де қойдым. Сирә да табаным тартпады.

Бирақ, Кеңесбай аға бул гәптиң изин улғайтты. Ибрайым ағаға айтыпты.

– Өсемен деген адамды иркиўге болмайды, барасаң ба? – деди шақырып.

– Яқ, аға, бармайман, – дедим кескин.

Ырасын айтсам, Ибрайым аға мен болғаным ушын емес, газетаның қазанында қайнап пискен ҳеш бир хызметкерин қойып жибергиси келмеди. Исенимли орынбасары кеткеннен кейин ол «түнги уйқы келип жыққанға дейин» қосық жазыўды сийреклетти. Редакцияның дәрти менен жасады.

Арадан бир-еки күн өтип, және Ибрайым аға шақырды. Барсам алдында Алпысбай Султанов отыр екен. Ол телевидениеде бас редактор еди.

– Телевидение деген бәле болды! – деди Ибрайым аға ызғарланып. – Жаңа тәрбиялап шығарған кадрыңды алып кетеди. Кеңесбай мына Алпысбайды жиберипти «Муратбайды сорап алып қайт» деп.

Енди… Кеңесбайға да қыйын, жәрдем бериўимиз керек, – деди ашыўын басып.

Мени миннетли хызметти атқарып келгеннен кейин қайтадан «үш айлық армия»ға шақырғандай еди. Бир өзим барғым келмей, Халила Дәўлетназаровты үгитледим. Ақыры алып кеттим.

Солай етип, 1983-жыл 1-декабрьден телевидениеде жумыс басладым.

Ибрайым аға Юсупов пенен бары-жоғы бир ярым жыл ғана ислестим. Бирақ, өмирликке азық алдым.

Ҳәр ҳәптениң биринши күни өткен ҳәптедеги газетаға шолыў жасалады. Арнаўлы нәўбетши газетада шыққан мақалаларға таллаў жасайды.

Бул пикир алысыўды баслықтың орынбасары Кеңесбай Ережепов өткереди. Усындай пикир алысыўларға гейде Ибрайым аға да басшылық етер еди. Ол газетадағы мақалалар жөнинде хызметкерлердиң кеўлине тийгендей гәп айтпайды. Журналистлерге улыўма бағдар береди.

Оның ҳәрдайым айта беретуғын бир ўәсияты бар еди: сизлер орынларға барғанда «мен редакциядан келдим» деп аяқ тапылдатыўға үйренбең. Адамлар сизлерди қорқып емес, ҳүрмет етип сыйласын!

Ибрайым аға өткерилген шолыўға жуўмақ ретинде бир-еки сыпайы анекдотлар айтып, жәмәәттиң кеўлин алар еди.

Түске дейин телевидениеде болсам, түстен кейин сол газета дөгерегинде жүрер едим.

Бир күни ол мени дәлизде көрип қалып өзине шақырды.

– Мынаў мениң «Өмирбек лаққы» деген комедиям. Ертеде театрда қойылды. Бирақ, сәтсиз қойылды. Мәденият министриниң маған жулдызы қарсы болып, Шамурат пенен Жақсымбайды бәрқулла гастрольге жиберип қоя берди. Олардың биреўи ойнамаған Өмирбек ­ Өмирбек бола ма? Усыны бир оқып бер, – деп пьесаны усынды.

Пьесаны аларын алдым да, сам-саз болып қалдым.

– Жазыўын өзим жазаман, тек пикириңди айтсаң болды, – деди.

Ертеңине пьесаны қайтарып алып бардым.

– Аға, буның бир сөзин алып я қосып болмайды, сол турысына қоя бериў керек, – дедим.

– Кеңесбай Рахмановқа берип едим, «Өмирбектиң изинде халық жоқ» деп жазыпты. Изинде халық жүрип ол батыр емес ғой.

Соң Клим Назбергеновқа оқыттым. Ол «Иван Васильевич меняет профессию» дегенди айтты. Өмирбек пенен Иванды салыстырыўға бола ма?

Қулласы, соның менен бул пьеса өзинде қалды.

Соңғы жыллары редакцияда негедур аўызбиршилик қашты. Жәмәәт «бизге еки замредакторды босатып бериң» деп обкомға арза жаза баслады. Бул ўақытлары обкомның биринши секретары К.Салықов еди.

Ибрайым ағаны обкомға шақырып, арзаны көрсетеди. Ибрайым аға орынбасарлар ҳаққында бир аўыз сөз айтпастан сол жерде-ақ арза берип жумыстан кетти. «Қас қояман деп көз шығарып алған» жәмәәт қатты өкинди, бирақ, енди кеш еди.

2006-жылы Қазақстан Жазыўшылар аўқамының 70 жыллық юбилейине бардым. Қутлықлап сөз сөйледим. Орныма келип отырыўым менен Қайбулла аға Ерниязов жетип келди.

– Жүр, анажаққа, сени Кәкимбек Салықов шақырып атыр, – деди.

– Яқ, бармайман, – дедим мен. – Кәкимбек мени танымайды. Мен де оны тек сыртынан таныйман.

Қулласы, бармадым.

Ертеңине азанда бизди алып кететуғын машинаны күтип, мийманхананың фоесинде турсақ, К.Салықовтың бир өзи келди.

Келип меннен Жолмурза ағаны, Төлепберген ағаны, Ибрайым ағаны, Амин Тажиевти сорады.

– Москвада Расул Гамзатов маған «Спасибо! Ты поддержал мой друг» деп рахмет айтты, – деди.

Ибрайым ағаны қәйтип қоллап-қуўатлағанын билмеймен. Егер, оны қоллап-қуўатлағанда еки орынбасар ушын жазаға өзин тигип атырған ўақытта арзасын қайтарып берип, орнында алып қалмас па еди?!

«Жақсы шайыр болыў мүмкин, бирақ, жақсы басшы болыў қыйын, – деген еди ертеректе белгили өзбек шайырларының бири Ибрайым аға ҳаққында. ­ Бул кисиниң қәлбинде сол еки пазыйлет те бар».

Бул Ибрайым ағаға берилген ҳақыйқый баҳа еди.

Муратбай НЫЗАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги