(гүрриң)

Жаз келиўден  шарбақтың ишин ултанлаў – тек мойнақлыларға тән.

Шелекке сары саз салып, суў қуйып, сары қумнан азлаў араластырып, гөне шүберекти дасмал етип жерди ултанлаймыз.

Ултанлаған жер кепкен соң тап-таза, теп-тегис, минтаздай болады да қалады. Әдетдегидей, және шарбақты ултанлап, сегиз, алты қанатлы еки қара үй арасында жүрмен.

Үй ишинен ғаррылардың ғаўырласқан даўысы еситилип тур.

Бүгин де мереке бар қусайды. Марат аўылының ана басы менен мына басының барлық ғаррылары бир жерге баратуғын болса, бизиң үйге жыйналатуғын еди.

Апам оларды “урыстың ўағында бирге соғысқан, тылда да бирге хызмет еткен жақсы -жаман күнлерди бирге өткерген қәдирдан туўысқанлардай болып қалған, бири-бирин көзи қыймай  ҳәмме жерде жетеклесип жүре беретуғын жан жоралар булар” дейтуғын, олардың   ғошшақ жигит гезлеринен ҳәр қыйлы қызықлы ўақыяларды айтып беретуғын еди.

Ҳәзир қарасаң,  жигит болмағандай пақырлар.

Бәри ҳасаға сүйенип жүрсе де, бахытлы ғаррылық гәштин сүрип, кими ғыжым шапан, кими парша шапан кийип алған, басларында дегелей.

Соған қарағанда, бүгин тойға барады-аў.

Қара үй алдындағы гәлөшлерди бир қапталға тегислеп қойдым.

Қызық бирдей гәлөшлер  бәриниң маңлайына ҳәр қыйлы илгеклер тағылған.

Илгеклер майда, ҳәр түрли реңде, моншақтай суп-сулыў ,көзиң қызады. Илгеклерди көрсеткиш бармағым менен түртип қояман.

Ағамнан сорадым:

– Аға, неге илгек тағылады?

Ағам мыйығын тартты:

– Бәрине емес,  Қәдир ақсақ пенен меникине тақпаймыз..

Гәлөшлерди жуплап, тегислеп атырман .

Бир гәлөш тақ, жан-жағыма қарайман: екинши жубайы қәне?

Күшик алып кетпеген бе?

– Апа,  бир гәлөшитиң екинши  жубы  жоқ!

Апам күлип:

– Қызым оны да бир шетке тегислеп қояғой, Қәдир атаңдики ғой,  – деди.

“Ҳаў” деп садалығымнан уялып қалдым.

Себеби, Қәдир атаның урыстан бир аяғынан айрылып келгенин ағам көп айтар еди. Ғаррылар жорасы болған соң ҳәзиллесип “ақсақ” деген лақапты берген екен.

Гәлөшлердиң ишинде ең айрықша, әжайып гәлөш бизиң ағамдики.

Ол “пушық гәлөш” .

Басқа гәлөшлердиң бәриниң басы сүйир, ал бизиң ағамның гәлөшиниң басы домалақ.

Сол ўақытта түсиндим, ғаррылар  алмасып кетпеў ушын гәлөшке илгек тағып қояды екен!

“Пушық гәлөш” атанған жалғыз, өзгеше гәлөшке ағам илгек тақпаған. Қәдир атаның тақ гәлөши де  алмаспайды екен.

Үлкен әжағам телевизорды ямаса, магнитафонды ашып оңлайман десе , ағам “балам, аяғыңа пушық гәлөшти кийип отыр” дер ескертер еди.

Ол,қәпелимде тоқ урса, резинка  гәлөштен тоқ өтпес” дер екен ақлығынан қәўетерленип. Ағамның пушық гәлөшин қүдиретли күшке ийе  деп ойлағанман. Гейде Сейдан ғаррының гәлөшине де уқсатар едим.

“Гәлөшке, усы гүрриңдегидей таўық қурық басса я” деген ойлар қыялыма келип кетер еди.

Жыллар өтиўи менен бул пушық гәлөшке де жамаўлар түсе баслады.

Бирақ ҳеш илгек тағылмады…

. …Қара үй алдында үйилип туратуғын илгек тағылған гәлөшлер де  биринен соң бири азая баслады.Қәдир атамның  тақ гәлөши де бир күнлери гәлөшлер арасында көринбей қалды…

Ағам дүньядан өткеннен соң да усы пушық гәлөш көп жыллар үйде сақланды.

Саҳибжамал Шаддинова,

Мойнақ районы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги