Өзбекстан Республикасының усы жыл 5-августтеги “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Нызамға муўапық ҳуқықларды тән алыў аймақлар бойынша басқышпа-басқыш әмелге асырылады, бул ушын Кадастр агентлиги тәрепинен  “E’TIROF” мәлимлеме системасы ислеп шығылып, хатлаў өткерилетуғын аймақлардың реже-графиги тастыйықланды ҳәм жәрияланды.

Тастыйықланған реже-график тийкарында аймақларда кадастр қәнигелери тәрепинен хатлаў жумыслары әмелге асырылады.

Соны айрықша атап өтиў керек, мәҳәллелер анық тастыйықланған реже-график тийкарында хатлаўдан өткериледи, яғный, режеден шығып, халық тилинде айтқанда “тезлестириўдиң имканияты жоқ!.”

Хатлаўдан кейин “E’TIROF” бағдарламасына киргизилген ҳәр бир жағдай бойынша 15 тен аслам министрлик ҳәм уйымлар жуўмақларын береди ҳәм космослық сүўретлер жәрдеминде талқыланады.

Сондай-ақ, хатлаў процесинде нызам менен анық белгилеп берилген 8 категория бойынша үйрениледи.

Ҳәзирги ўақытта жерди нызамсыз ийелеп алып, қурылыс баслаўды режелестирип атырған пуқаралар жуўапкершиликке тартылады ҳәм олар мағлыўмат мәлимлеме системалары арқалы қадағаланады.

Ҳүрметли пуқаралар, жоқарыдағы нызамнан пайдаланып, ҳүжжетсиз турақ жайларға «кадастр ислетип беремен», деп ҳүжжетсиз турақ жай ийелеринен пул өндирип жүрген алдаўшылар бар екенлиги бәршемизге мәлим.

Өзбекстан Республикасының 937-санлы Нызамы бойынша хатлаў жумыслары бийпул әмелге асырылады ҳәм ҳуқықларды тән алыў ушын өндирилетуғын бир мәртелик төлемлер белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

И.Тлеуов,

Кадастр агентлигиниң

Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.