Исбилерменлер ҳәрекети- Өзбекистан Либерал демократиялық партиясы Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының биринши бағдары, яғный Олий Мажлистиң ролин ҳәм жумыс алып барып атырған сиясий партиялардың ролин буннан былай да күшейтиў мәселелерине бағышланған депутатлық топардың мәжилиси өткерилди. Илажға Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының ағзалары, партия белсендилери, мәкеме ҳәм кәрханалардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, партияның баслы ўазыйпаларынан келип шығып, таяныш структуралары менен биргеликте депутатлық корпустың жумысларын және де жанландырыў, халықтың ўәкили сыпатында халықтың машқалаларын орынларда үйрениў, тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўнамалар жибериў, сессияларға мәселелер киргизиў, барлық қолайлы инфраструктураларға ийе турақ жай массивлерин аўыллық жерлерде қурыў, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, мәкан пуқаралар жыйынларында ҳуқықбузарлықтың ҳәм жынаятлардың келип шығыўының алдын алыў бағдарында тийисли жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта. Бул болса, Президентимиздиң усы жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтын бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаўда ылайықлы жуўап болып табылады.
Районда бүгинги күнде 30 мың 216 адам жасап, соның 16 мың 973 аўыллық жерлерде жасайды. Ҳәзирги ўақытта кем тәмийинленген шаңарақларға жаңадан үлги жойбардағы арзанлатылған баҳада еки қабатлы 16 квартиралы турақ жайдың қурылысы әмелге асырылып атыр. Бул объекттиң сметалық баҳасы 1 миллиард 610 миллион сум болып, бүгинги күнде «Нөкис санаат тех монтаж» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен 529 миллион сум қаржы өзлестирилди.
Быйылғы жылдың Инвестициялық бағдарламасына муўапық усы жылдың биринши ярым жыллығында район көшелерин реконструкциялаў ҳәм халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде суў қубырлары жаңадан тартылып, халықтың абаданшылығы тәмийинленбекте.
Мәжилисте ҳәрекетлер стратегиясының төртинши- социаллық тараўды раўажландырыў бағдарында халықты социаллық қорғаў ҳәм ден саўлықты сақлаў системасын жетилистириўде ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў, халыққа мәжбүрий социаллық кепилликлерди тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медицина тараўының бирлемши буўыны есапланған аўыллық шыпакерлик пунктлериниң жумысын раўажландырыў ҳәм олардың материаллық техникалық базасын беккемлеў зәрүрлиги бойынша да пикир усыныслар бирдирилди.
Район халқына 120 емлеў орнына ийе районлық медицина бирлеспеси, ҳәр сменада 130 адамды қабыллайтуғын көп тармақлы поликлиника, тез медициналық жәрдем бөлими ҳәм оның «Қазақдәрья» ҳәм «Қызылжар» шақапшалары, аўыл халқына сегиз жерде 8 аўыллық шыпакерлик пунктлери медициналық жәрдем көрсетпекте.
Президентимиздиң ишки ислер уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў, халықтын тынышлығын тәмийинлеўде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ҳәр пийшемби күнин профилактика күни сыпатында белгилеп район көлеминде нәтийжели ислер алып барылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың төрт айы даўамында алып барылған профилактикалық илажлар нәтийжесинде район бойынша жынаятшылық 13,3 процентке кемейди. Сондай-ақ, өткен дәўир ишинде районда сиясий-жәмийетлик ҳәм оператив жағдайларды үйрениў, жынаятшылықтың алдын алыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, диний экстремизм ҳәм оның түрли көринислерине қарсы гүресиў мақсетинде айқын илажлар белгиленип, оператив ҳәм профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Усының нәтийжесинде район аймағында басқыншылық, алдаўшылық ҳәм адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар жүз бермеди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының басшысы С.Турманов шығып сөйледи.
Илажда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Н.Рейпназаров,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы