Аргентиналы футбол қәнигеси Эктор Купердиң Өзбекстан миллий сайланды командасына бас тренер болғанлығы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында мәлим етилген еди.
Бүгин – 6-август күни ерте таңда Купер Өзбекстанға жетип келди. Қәниге ӨФА басшылары, ҒХҚ ўәкиллери ҳәм ышқыпазлар тәрепинен күтип алынды, деп жазады Daryo.uz.
Бүгинниң өзинде Купер Миллий Олимпия комитетиниң әнжуманлар залында саат 15:00 де футбол ышқыпазларына таныстырылады ҳәм оның қатнасыўында баспасөз конференциясы шөлкемлестириледи. Конференцияда барлық түрдеги ҒХҚ ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги